12-22-январь күнлери АҚШтың  Лейк-Плэсид қаласында ХХХ пүткил жер жүзилик қысқы Универсиада ойынлары болып өтеди.

Дүньяның 50 ден аслам мәмлекети қатнасатуғын бул жарыста спорттың 13 түри бойынша Өзбекстан сайланды командасы спортшылары да қатнасады.

Атап айтатуғын болсақ, таў лыжасы бойынша Раъно Имонқулова, Муҳаммадали Асанов, Арман Гаюпов, Медет Назаров, Ролан Раимқулов, Оқилбек Бухорбоев, сноуборд бойынша Динара Жубаева, Бегзодбек Исроилов, Элнур Мирзалиев, Руслан Мирзалиев, Азиз Сапарбаев, фигуралы ушыўда Азизмурод Шабазов ҳәм Нигинабону Жамолиддиновалар өзлериниң шеберликлерин көрсетеди.

Өзбекстан делегациясы  10-январь күни АҚШқа жөнеп кетеди.

 

Адилбай Оразов,  

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы