Мойнақ районындағы «Ақ кеме» балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайы ул-қызларымыздың кеўилли дем алыўы ҳәм саўалланыўын шөлкемлестириў менен шекленбей, ал олардың интеллектуаллық дәрежелерин раўажландырыў, өзлери қызыққан бағдарлар бойынша билимлерин беккемлеўге хызмет ететуғын орын сыпатында көпшиликке белгили болмақта.

Орайда барлық қолайлықларға ийе болған мәнаўият-мәрипат бөлмеси, бай китап фондына ийе заманагөй мәлимлеме-ресурс орайы, керекли әсбап-үскенелер ҳәм ең соңғы үлгидеги ағартыўшылық көргизбелерине ийе дөгерек ханалары, қызықлы ҳәм мазмунлы илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге арналған сахналар қурылған. Сондай-ақ, денетәрбия шынығыўлары ушын арналған футбол, баскетбол, волейбол майданшалары, балалар жүзиў бассейни спорт әнжамлары менен жетерли дәрежеде тәмийинленген.

Сондай-ақ, 250  орынға мөлшерленген жатақхана, барлық шараятларға ҳәм қолайлықларға ийе болған асхана, жуўыныў ханалары, ата-аналар ушын террасалар қурылған. Буннан тысқары, орай әтирапындағы 5 гектар жерге  3000 ға шамалас мийўели ҳәм декоратив тереклер отырғызылып, үлкен бағ жаратылған. Орай бир гезекте 250 баланы қабыл ете алады.

Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кеңеси тәрепинен улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары ушын ҳәр каникулда көпшилик балалардың дем алыўын усы орайда шөлкемлестириў дәстүрге айланған.

Быйылғы қысқы каникулда да республикамыздың қала ҳәм районларынан 100 оқыўшының усы орайда дем алыўы шөлкемлестирилип, 2-январь күни олар балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайына шығарып салынды. Соннан 50 бала Нөкис қаласындағы улыўма билим бериў мектеплеринен.






– Мен Нөкис қаласында жасайман. Балам Зафар 7-класста оқыйды. Кәсиплик аўқам тәрепинен қысқы дем алыста «Ақ кеме» лагерине балаларын дем алыўға жиберетуғынлар соралғанда, мен де баламның дем алып қайтыўын қәледим. Оны балама айтып едим, ол да  қәлеўин билдирди. Быйыл ол биринши мәрте лагерьге барып атыр. Бул лагерь балаларымыздың мазмунлы дем алыўы ушын барлық қолайлықлар ийе, деп ойлайман,-дейди Д.Пердебаева.

Балалардың қысқы каникулда мамунлы дем алыўын шөлкемлестириў жумыслары басқа орынларда да даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги