2023-жыл 1-январынан баслап Өзбекстандағы 208 район ҳәм қаланың экономикалық жағдайынан келип шығып, 5 категорияға ажыратылды. Категорияға қарап бул районларға салық жеңилликлери, субсидия ажыратыў тәртиби ҳәм исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў илажлары белгиленеди.

Атап айтқанда, Президент қарарына (ПҚ-471, 30.12.2022-ж.) бола, 2023-жыл 1-январьдан 2026-жыл 1-январьға шекем мәмлекетлик бақшаларда бала тәмийнаты ушын төлемлер районлардың категориясынан келип шығып, төмендегише азайтылады:

– 5-категориядағы районларда – 50 процент;

– 4-категориядағы районларда – 40 процент;

– 3-категориядағы районларда – 30 процент.

Қарақалпақстан хабар агентлиги