Бүгин Қазақстан Республикасының Алмаата қаласында шахматттың рапид ҳәм блиц бағдарлары бойынша жәҳән чемпионаты басланды.
Улыўма сыйлық қоры 1 миллион доллар болған дүнья бириншилигинде 281 шахматшы қатнаспақта. Олар арасында қатнасып атырған мәмлекетимиз ўәкиллери биринши турды табыслы өткерди. Атап айтқанда, рапид бойынша Нодирбек Абдусатторов черногориялы Денис Кадрикти, Жавоҳир Синдаров қазақстанлы Петр Костенконы, Нодирбек Якуббоев қырғызстанлы Семетей Тологонды, үлкен тәнепистен соң сайланды команда қурамына қайтқан Нафиса Мўминова қазақстанлы Асия Асылханды жеңип шығыўға миясар болды.
Ал, Жаҳонгир Воҳидов румыниялы Ричард Раппортқа, Муҳиддин Мадаминов ҳиндстанлы Бҳаратакоти Ҳаршаға, Ҳумоюн Бегмуратов египетли Амин Бассемге, Умида Омонова польшалы Александра Малцевскаяға, Афруза Ҳамдамова әзербайжанлы Улвия Фаталиеваға жеңилип қалған болса, Шамсиддин Воҳидов Максим Матлаков пенен теңбе-тең ойнады.
Жәҳән чемпионатының 1-тур ойынлары еле даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы