Халықаралық дзюдо федерацияси Израилдағы  «Мастерс» турниринен соң дүнья дзюдошыларының 2022-жылдағы жуўмақлаўшы рейтингин жәриялады.

Онда 90 кг салмақта жәҳән чемпионы Давлат Бобонов 1-орын менен жуўмақлады ҳәм буның ушын IJF (Халықаралық дзюдо федерациясы) дан 10 000 доллар сыйлық алады.

«Мастерс» турнириниң қола медалы ийеси Алишер Юсупов болса, еки текше жоқарылап  +100 кг салмақта 6 орынға ылайық деп табылды. Қызлар арасында сайланды команда қурамында жақсы көрсеткишке ерисип киятырған Диёра Келдиёрова керисинше еки орынға төменлеп,  4-орынды ийелеп тур.

Ал, 81 кг салмақта беллесиўлерге қатнасып жүрген қарақалпақстанлы дзюдошы Шарафатдин Балтабаев болса, 5-орынды ийелеп келмекте.

Сизлердиң нәзериңизге  2022-жыл жуўмағына көре, 60 кг салмақтан +100 кг салмақ аралығында жетекшилик етип киятырған дүнья дзюдошыларының жуўмақлаўшы рейтингин усынамыз.

Бул рейтинг бойынша 60 кг салмақта Қытай Тайпейи ўәкили  Юнг Веи Янг, 66 кг да молдовалы  Денис Виеру, 73 кг да  Лаша Шавдатуашвили,  81 кг да  грузиялы Тато Григалашвили, 90 кг да сайланды командамыз ағзасы Давлат Бобонов, 100 кг да және бир грузиялы Илия Суламанидзе,  +100 кг да тәжикистанлы  Темур Раҳимовлар ийелеп тур.

Ал, ҳаял-қызлар арасында болса, 48 кг салмақта франциялы Ширин Боукли, 52 ҳәм 63 кг салмақларда уллыбританиялы Челсие Гилес ҳәм Реншалл Люси, 57 кг да канадалы Криста Дегучи, 70 кг да хорватиялы Барбара Матич, 78 кг да бразилиялы Майра Агиарлар жетекшилик етип келмекте.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы