«Вақф» қайырқомлық фондының Қарақалпақстан Республикасы филиалы директоры Исламбек Тәжетдиновтың қатнасыўында брифинг өткерилди.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылы «Вақф» фонды тәрепинен дерлик 2 миллиард 100 миллион сум көлеминдеги қаржы қайырқомлық жумысларға жумсалды. Атап айтқанда, диний билим беретуғын оқыў орынларының профессор-оқытыўшыларын, оқыўшы-студентлерин материаллық ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў, мүбәрек Рамазан айында оқыўшыларға берилген ифтарлық ушын 46 миллион сум, мешитлер ҳәм зыяратлаў орынларының хызметкерлерин материаллық ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў ушын 120 миллион 800 мың сум, турақ жайы өрттен зыян көрген пуқаралар ҳәм Майыплар жәмийетиниң ағзалары, арнаўлы мектеп-интернатларда оқып атырған жәрдемге мүтәж инсанларды материаллық қоллап-қуўатлаў ушын 41 миллион сумға шамалас қаржы жумсалып, қайырқомлық көрсетилди.

Сондай-ақ, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларға, бағыўшысынан айырылған ҳәм майыплығы бар пуқараларға 287 миллион 180 мың сумлық азық-аўқатлық затлар жеткерип берилген. Оларға Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен 24 миллион сумға қара мал ҳәм қойлар қурбанлыққа шалынып, тарқатып берилген.

Мектеп китапханаларының, мешитлер ҳәм диний оқыў орынларының  материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын 21  миллион 393 мың сумнан аслам қаржы қаратылған.

Фондқа мүрәжат еткен пуқараларға дәри-дәрмақ алыў ҳәм емлениўи ушын 179 миллион 300 мың сум жумсалған болса, кем тәмийинленген шаңарақларға 10 миллион 600 мың сумлық көмир ҳәм ысытыў печьлери, 160 миллион сумға тигиў машиналары ҳәм микротолқынлы печьлер алып берилген.

«Султан Ўәйис баба» ҳәм «Ҳәким ата» зыярат орынларын абаданластырыў ҳәм оңлаў жумысларына 1 миллиард 153 миллион сумнан аслам қаржы жумсалған. Сондай-ақ, суў тамтарыс аймақлардағы халыққа таза ишимлик суўын шығарып бериўге қаратылған «Вақф суўлары» жойбары ушын 56 миллион 478 мың сум қаржы жумсалды.

Бул қаржылардың топланыўында қайырқомлық илажлары, зәкат, вақф мүлклери, зыярат орынлары, диний шөлкемлер арқалы келип түскен, акцияларда топланған қаржылар, қәўендерлер ҳәм бирге ислесетуғын шөлкемлер тәрепинен көрсетилген материаллық жәрдемлердиң үлеси үлкен болды, -дейди И.Тәжетдинов. – Фондқа келип түскен қәрежетлерди VAQF.uz  сайты арқалы көрип барыўыңыз ҳәм жумысымызды және де раўажландырыў бойынша пикир-усынысларды билдириўиңиз мүмкинлигин ескертип өтпекшимен. Сақаўатлы жерлеслеримизди жақсылық жолында бирге ислесиўге шақырып қаламан.


Қарақалпақстан
хабар агентлиги