Қарақалпақ халқында «жүзикке қас қойғандай жарасты»-деген сөз бар. Дүнья футболының бүгинги күндеги жарқын жулдызларының бири Лионелл Месси ушын Қатар мәмлекетинде өткерилген жәҳән чемпионатындағы Аргентина сайланды командасы қурамындағы қолға киргизилген чемпионлық халқымыздың усы мақалында айтылған сөздиң айқын дәлийли болды.

Атап айтқанда Лусайл стадионында болып өткен жәҳән чемпионатының финал ойынында аргентиналы футбол әпсанасы өзиниң ҳақыйқый жетекшилик қәбилетин көрсетип, Аргентина сайланды командасына және бир мәрте чемпионлықты алып берди. Пүткил дүнья жәмийетшилиги қызығыўшылық пенен бақлап барған бул ойынның 23-минутында Месси Франция дәрўазасына белгиленген пенальтиден нәтийжели пайдаланып, өз командасын алдыға алып шыққан болса, Анхель Ди Мария 36-минутта және бир мәрте гол урып есапты 2:0 ге жеткерди.

Ушырасыўдың 70-минутларына шекем аргентиналы футболшылар майданда үстемлик еткен болса, соңын ала Дидье Дешам ойынға Тюрам, Коло Муани, Коману ҳәм Камавингелерди түсирди. Буннан соң ойын атмосферасы пүткиллей өзгерип, французлар ойынды өз қолларына алды ҳәм усы ўақытқа шекем «көлеңке»де қалған Килиан Мбаппе үлкен сахнаға шықты. Атап айтатуғын болсақ, ол ойынның 80 ҳәм 81-минутларында еки мәрте гол урып, ушырасыўдың қосымша таймларға шекем даўам етиўине себепши болды.

Ойын қағыйдасына муўапық қосып берилген қосымша минутларда еки команда ойыншылары да өзлериниң жеңиске деген умтылысын көрсетти. Әсиресе, Аргентина сайланды командасы сәрдары Месси 109-минутта Лорис дәрўазасына әжайып тәризде гол урған болса, 118-минутта Мбаппе пенальтиден және бир мәрте нәтийжели пайдаланып есапты теңлестириўге миясар болды. Буннан соң жәҳән чемпионлығын анықлаў ушын пенальтилер сериясына нәўбет берилип, онда Аргентина 4:2 есабында жеңиске еристи.

Бул пенальтилер сериясында Мбаппе ҳәм Месси есапты ашқан болса, аргентиналы дәрўазаман Мартинес Комана ҳәм Тшуаменидиң дәрўазаға жоллаған топларын қайтарыўға еристи. Пенальтилер сериясында ең соңғы топты тепкен Монтиэль пүткил Аргентина сайланды командасы жанкүйерлерин қуўанышқа бөледи.

Финал ойынынан соң өткерилген сыйлықлаў мәресиминде, «Жәҳән чемпионатының ең жақсы жас ойыншысы » деп аргентиналы Энцо Фернандес табылған болса, Мбаппе «Ең жақсы ҳүжимши», Мартинес «Ең жақсы дәрўазаман», ал, Месси болса, «Ең жақсы ойыншы»  номинацияларында жеңимпазлықты қолға киргизип, шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы сыйлықлар менен сыйлықланды.

Аргентина болса, өз тарийхында 3-мәрте жәҳән чемпионы атағын қолға киргизип, барлық Мессидиң ықласбентлерин шексиз қуўанышқа бөледи. Бул әлбетте, Месси ушын «жүзикке қас қойғандай жарасқан» чемпионлық болды.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы