“Жаңа Зеландия Халық аралық Қызыл Ярым ай комитети арқалы турақлы жәрдем шеңберинде тийкарғы гуманитарлық зәрүрлик көзқарасынан украиналыларды қоллап-қуўатлаў ушын қосымша 3 миллион доллар (ЯЗД) береди. Буған медицина инвентарьлары ҳәм үскенелери, электр тәмийнатындағы үзилисти сапластырыўға трансформатор ҳәм генератор, соның менен бирге, азық-аўқат, суў, санитариялық ҳәм гигиеналық қураллар сыяқлы төмен шаңарақлар ушын қыста зәрүр болған өнимлер киреди.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, Жаңа Зеландия бир қатар Батыс мәмлекетлери қатарында Россия менен қарама-қарсы болып, Украинаны қоллап-қуўатламақта. Ҳүкимет Россия ҳәм Беларустағы 1200 ден аслам адамға ҳәм шөлкемге қарсы санкция енгизди. Ноябръ айында бул Океан мәмлекети Украина әскерлерин таярлаў ушын 66 әскерий хызметкердиң Уллы Британияда қалыў мүддетин 2023-жылдыӊ ортасына шекем созды.
Алдынырақ Россия Украинаға қурал жеткерип бергени ушын НАТО мәмлекетлерине нота жиберген еди. РФ сыртқы ислер министри Сергей Лавров Украина ушын қурал болған ҳәр қандай жүк Россия ушын нызамлы нышанға айланатуғынын атап өтип, НАТО Украинаға қурал жеткериў арқалы “от пенен ойнамақта”, деди. РФ Президенти баспасөз хаткери Дмитрий Песков Украинаға Батыстан қурал-жарақ жеткериў Россия-Украина келисимге келиўине үлес қоспайтуғынын, керисинше унамсыз тәсир ететуғынын айрықша атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги