Орайлық банктиӊ мағлыўматларына қарағанда, жәми пул массасы ноябръ айында 5,9 триллион сумға артып, 1-декабръ ҳалатына 177,2 триллион сумға жеткен.
Бунда миллий валютадағы басқа депозитлердиӊ қалдығы 3,8 триллион сумға ҳәм сырт ел валютасындағы депозитлердиӊ қалдығы 5,5 триллион сумға көбейген болса, тар мәнидеги пул массасы 3,4 триллион сумға қысқарған.
Атап айтқанда, ноябрь айында нақ пуллар 2,4 триллион сумға азайып, айланысқа шығарылған нақ пуллар қалдығы 1-декабрь ҳалатына 41,3 триллион сумды қураған.
Жыл басына салыстырғанда нақ пуллар қалдығы 12,7 триллион сумға көбейген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги