Бүгинги күни Аргентина футболын 7 мәрте дүньяның ең күшли футболшысы атағын жеңип алған әжайып инсан Лионел Мессисиз көз алдымызға келтире алмаймыз.

!987-жылдың 24-июнинде Аргентинаның Росарио қаласында туўылып, 5 жасында Грандоли клубында футбол ойнаў карьерасын баслаған болажақ футбол жулдызы, 1994-2000-жыллары Ньюэллс Олд Бойз клубында ойнап, өзиниң шеберлиги менен Барселона клубының  селекционерлери нәзерине түседи ҳәм 2000-2003-жыллары Испания клубында тәлим алады.

Соңынан 2003-2021-жыллары Барселона клубында көплеген жақсы нәтийжелерди қолға киргизеди. Атап айтқанда, 10 мәрте Испания чемпионы, 4 мәрте Европа чемпионлар лигасы, 3 мәрте Европа Суперкубоги ҳәм дүнья жүзилик клублары чемпионатында, 7 мәрте Испания кубоги ҳәм 8 мәрте Испания суперкубогинде жеңимпаз атанды.

Сондай-ақ, ол  Аргентинаның жаслар сайланды командасында 2005-жылы жәҳән чемпионы, 2007-жылы Америка кубогинде миллий сайланды қурамында гүмис медалды жеңип алып, усы чемпионаттың ең жақсы жас футболшысы деп тән алынады.

Ал, 23 жасында болса, Месси Пекинде өткерилген Олимпиада ойынларында Аргентина сайланды командасы менен биргеликте Олимпиада чемпионлығын қолға киргизди. Ол 2011-жылдан берли сайланды команда сәрдары сыпатында ири үш турнирдиң, яғный 2014-жылғы жәҳән чемпионаты, 2015-2016-жыллардағы Америка кубогиниң финалында ойнап, жеңилиске ушырайды.

2016-жылы ол сайланды командадағы карьерасының жуўмақланғанын мәлимлеген еди, бирақ, 2018-жылғы жәҳән чемпионаты, 2019-жылғы Америка кубогинде қатнасады. 2021-жылы болса, Америка кубогинде чемпионлықты қолға киргизип, турнирдиң ең жақсы ҳүжимшиси, ең жақсы ассистенти ҳәм ең жақсы ойыншысы атанады.

2022-жылы Лондонда өткерилген Европа чемпионы Италия сайланды командасы менен болған  ушырасыўда 3:0 есабында жеңип шығыўға ериседи.

«Форбес» журналы Мессиди 1 млрд доллардан аслам дәрамат тапқан дүнья футболындағы екинши адам деп атады.

Ол сайланды команда қурамында урған голлары саны бойынша аты әпсана футболшы Диего Армандо Марадонаны 95 гол менен артта қалдырмақта. Марадона есабында болса, 27 гол бар. Сондай-ақ, ол Аргентина қурамында 175 тен аслам ойын өткерип,  бул көрсеткиш бойынша да Марадонадан озып кетти.

Соның менен бирге, Месси жәҳән чемпионатында голлар урыў саны бойынша Аргентина рекордшысы болып есапланады. Ҳәзирше ол жәҳән чемпионатларында 11 гол урыўға миясар болған. Марадона есабында болса 8 гол бар.

Месси Марадонадан тек жәҳән чемпионатында чемпионлықты қолға киргизиў бойынша артта қалмақта. Атап айтқанда, Марадона 1986-жылы жәҳән чемпионатында алтын, 1990-жылы гүмис медальды қолға киргизиўге ерискен болса, Месси 2014-жылы гүмис медаль ийесине айланды.

Қатарда өткерилип атырған жәҳән чемпионатының финалы Месси ушын Марадона менен чемпионлық бәйгисинде теңлесиў имканиятын береди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы