Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда бир қатар нызам жойбарлары ҳәм басқа мәселелер қызғын додаланды. Атап айтқанда, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен биринши мәрте таярланған Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында Миллий баянат парламентке усынылды.

Бул мәселе бойынша Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң директоры Акмал Бурхонов баянат жасады:

– Мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў, оған қарсы гүресиў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында коррупциялық факторларды сапластырыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-июньдағы пәрманына тийкарланып Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги шөлкемлестирилип, агентликке ҳәр жылы ғалаба хабар қураллары арқалы жәрияланыўы зәрүр болған Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы Миллий баянатты таярлаў ўазыйпасы жүкленди.

Агентлимигимиз тәрепинен таярланған Миллий баянат Өзбекстан тәжирийбесинде жаңалық болып, биринши Миллий баянатқа тийкарланып мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған превентив илажларға тоқтап өтилген. Бул Миллий баянатта мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм ҒХҚ тәрепинен коррупцияның алдын алыў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында толық мағлыўматлар берилген.

4 бап, жуўмақ, пикир-усыныслар бөлиминен ибарат Миллий баянат кең жәмийетшилик, атап айтқанда, мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери, еркин экспертлер, жәмийетлик белсендилер, илимпазлар ҳәм пуқараларымыз ушын мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында алып барылып атырған жумыслар бойынша комплексли мағлыўмат бериўге мөлшерленген.

2017-жылы «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилгеннен соң өткен 5 жыл даўамында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыстың барлық тараўларында коррупциялық факторларға шек қойыўға қаратылған 80 нен аслам, соннан тиккелей коррупцияға қарсы гүресиў тараўын тәртипке салыўшы 10 нан аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.

Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 3 мәмлекетлик бағдарламаның (2017, 2019, 2021) қабыл етилиўи арқалы бул бағдарда әмелге асырылыўы зәрүр болған илажларды ҳәр жылы белгилеп алыў әмелияты енгизилди. 2021-жылдың өзинде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында 20 ға шамалас нызамшылық ҳүжжетлери қабыл етилди,-деди агентлик директоры Акмал Бурхонов.

Сондай-ақ, агентлик тәрепинен Миллий баянатта коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бойынша бир қатар усыныслар да алға қойылғаны атап өтилди. Соның ишинде, коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў ҳәрекетин тәмийинлеў механизмлерин тәртипке салыўда ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша халықаралық стандартларды нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятына имплементациялаўдағы ҳуқықый бослықларды сапластырыў керек.

Халық ҳәм мәмлекетлик хызметкерлердиң коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы билимлерин үзликсиз арттырыў системасын енгизиў мақсетинде «Коррупцияға қарсы гүресиў виртуал академиясы» жойбарын әмелге асырыў, коррупция қәўипи жоқары болған тараўларда ҳәм аймақларда «Коррупциясыз тараў» ҳәм «Коррупциясыз аймақ» жойбарларын даўам еттириў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы гүресиў илажларын күшейтиў, соның ишинде, коррупцияға қарсы ишки қадағалаў системасының нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде «Ашық-айдын ҳәм есаплы аймақ» ҳәм «Ашық-айдын ҳәм есаплы министрлик» жойбарларын кеңейтиў сыяқлы усыныслар сәўлелендирилген. Буннан тысқары, халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер биринши басшылары менен тиккелей сөйлесиў системасын жолға қойыў мақсетинде Ашық мағлыўматлар порталы тийкарында «Ашықтан-ашық сөйлесиў» веб-платформасын шөлкемлестириў усыныс етилген.

Мәжилисте биринши Миллий баянат бойынша пикир-усыныслар ҳәр бир сиясий партия фракциясының позициялары билдирилди ҳәм Миллий баянат мағлыўмат ушын қабыл етилди.


Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы