Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының бөлим баслығы Сардор Мақсудов жеке меншик ЖОО дипломлары бойынша сораўларға жуўап берди.

– Өзбекстанда жумыс алып барып атырған көплеген жеке меншик университетлердиң дипломы мәмлекетлик ЖООлардики менен бирдей күшке ийе ме?

– Нызамшылықта мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң жумысына айрықша итибар берилген. Атап айтқанда, мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң ҳуқықый статусы, оларды шөлкемлестириў тәртиплери белгилеп қойылған. Бундай билимлендириў шөлкемлери өз жумысын лицензия тийкарында алып барады. Мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде мәмлекетлик стандартлар тийкарында оқыў шөлкемлестирилсе, мәмлекетлик үлгидеги диплом бере алыўы мүмкин. Лицензия тийкарында ислеп атырған жеке меншик ЖООның дипломы Өзбекстанда тән алынатуғын билимлендириў ҳүжжети бола алады.

– Өзбекстандағы ЖООлар дипломы сырт еллерде тән алына ма?

– Ҳәр бир мәмлекет өзиниң нызамшылығына ийе. Сырт еллерде де басқа мәмлекетлик ЖООдан алынған дипломларды тән алыў тәртиби бар. Мине, усы тәртипте дипломлар басқа мәмлекетлерде тан алыныўына ерисиў мүмкин.

ӨзА