Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң @uza_uz телеграм каналы арқалы «Электр энергия тәмийнатындағы машқалалар сапластырылыўы ушын қандай жумыслар әмелге асырылмақта?» темасында даўыслы чат болып өтти.

Бақлаўшылар тәрепинен берилген сораўларға «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети Бас басқармасы баслығының орынбасары Улуғбек Ҳакимов жуўап берди.

– Пайдаланылмаған электр ушын алдыннан пул төлениўиниң себеплери неде?

– Өткен жылы электр энергиясының автоматластырылған системасы енгизилди. Бул пайдаланылмаған электр энергиясы ушын алдыннан төлем өткериў системасы болып есапланады. Системада бул жаңалықтың енгизилиўинен мақсет – мәҳәллелерде, аўылларда трансформаторларды жаңалаў ушын бизге қаржы зәрүр еди. Жаңа техникаларды алдыннан сатып алып, орынларға жеткериў, яғный жойбарлаў ушын, әлбетте, биз сатқан электр энергия есабынан қаржы келип түседи. Пайдаланылған ҳәм пайдаланылмаған электр энергиясына алдыннан төлем болса, биз тараўдың раўажланыўы ушын жумсаймыз.

Әсиресе, бүгингидей электр энергиясы ушын сынақлы күнлерде тармақларымызды жаңалап, подстанцияларды қурмасақ, заманнан артта қалыўымыз мүмкин. Тараўды раўажландырыў, жаңа жойбарларды киргизиў ушын, әлбетте, алдыннан төлеў системасына өтиўге мәжбүрмиз.

Пайдаланылмаған электр энергиясы ушын алдыннан төленген төлемлер сондай-ақ, кадрларды оқытыў, электр энергиясын үзликсиз жеткерип бериўге бағдарланады.

ӨзА