Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Гүзги-қысқы мәўсимде тутыныўшылардың автобензин өнимлерине болған талабын өз ўақтында тәмийинлеў, олардың баҳаларын турақластырыў ҳәм халықтың артықша қәрежетлерин қысқартыў мақсетинде:
- Энергетика министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги сондай-ақ, Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң 2022-жыл 10-декабрьден 2023-жыл 1-мартқа шекем импорт етилетуғын, жергиликли кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылатуғын ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен кейинги тутыныўшыларға сатылатуғын АИ-80 маркалы автобензин өними ушын, бурынғысынан басқаша тәризде, акциз салығын «ноль»лик ставкада қолланыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- 2022-жыл 10-декабрьден 2023-жыл 1-апрельге шекем Энергетика министрлиги жанындағы Нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы ҳәм Электр энергетикада қадағалаў инспекциясы тәрепинен, бурынғысынан басқаша тәризде, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил менен келиспестен исбилерменлик субъектлерин олардың қаржы-экономикалық жумысына араласпаған ҳалда энергия ресурсларынан нызамсыз ҳәм нәтийжесиз пайдаланыў жағдайлары бойынша тексериўге руқсат берилсин.
Нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы ҳәм Электр энергетикада қадағалаў инспекциясы өткерилетуғын тексериўлердиң нәтийжелери бойынша автобензин өнимлериниң артықша шығынға ушыраўына ҳәм талан–таражлықларға жол қойған лаўазымлы шахсларға нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген жаза илажларын қолланыў, сондай-ақ, олардың жумысына ҳуқықый баҳа бериў бойынша ҳуқық қорғаў уйымларына усыныс хатларын киргизип барсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 17-марттағы «Жоқары ликвидли ҳәм монопол товарларды сатыў процесслерине базар механизмлерин енгизиўди даўам еттириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5031-санлы қарары 1-бәнтиниң «в» киши бәнти өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.Т.Мирзамаҳмудовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 12-декабрь