Алдын хабар бергенимиздей, 11-декабрь күни Олий Мажлис Сенаты Баслығы басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Ашхабад қаласында Түркменстан бийтәреплигиниң 27 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген «Қарым-қатнас – тынышлық гиреўи» темасындағы халықаралық конференция жумысында қатнасты.

Илажда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм оның қәнигелескен структуралары, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Европа Аўқамы сыяқлы абырайлы халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, сырт еллердиң дипломатиялық корпуслары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң Ашхабадтағы ўәкилханаарының басшылары қатнасты.

Әнжуманда шығып сөйлеген БМШ Бас хаткериниң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкилиниң орынбасары, БМШтың Аўғанстанға жәрдем көрсетиў миссиясы басшысы Маркус Потселдиң сөзлерине бола, аўған жеринде  тынышлық ҳәм турақлылық орнатылыўы, улыўма миллий келисимге ерисиў, инклюзив сиясий процесстиң тәмийинлениўи Аўғанстан менен қарым-қатнасты даўам еттириў зәрүрлигин талап етеди.

Усы көзқарастан, БМШ ўәкили Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң быйыл 13-октябрьде Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң VI саммити шеңберинде алға қойылған Аўғанстан бойынша халықаралық сөйлесиўлер топарын дүзиў басламасын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди. Маркус Потселдиң атап өтиўинше, бул сийрек гезлесетуғын формат аўған машқалалары бойынша глобал көлемде кең келисимге ерисиў ҳәм Аўғанстанның ўақытша ҳүкимети менен өз-ара бирге ислесиў ушын муўапықластырылған қатнасларды ислеп шығыўға жәрдем береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги