“Жақсының жақсысын айт ийманы тассын” дейди дана халқымыз. Сол айтқанындай бир топар инсанлар өзиниң елимиз ушын ислеген ийгиликли хызметлери, халыққа еткен жақсылықларының арқасында кең жәмийетшилик арасында жоқары ҳүрмет ҳәм абырай арттырып, шексиз бахытқа бөленеди. Бундай инсанлардың ели ушын ислеген азаматлық ислерин  халқымыз ҳеш қашан умытпай, оларды жийи-жийи еске алады.

Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен архитектор, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Орынбай Төрениязов та өзиниң қайталанбас таланты менен елимиз нәзерине түскен халқымыздың уллы инсанларының бири еди.

1942-жылы Шымбай районында дүньяға келген заманагөй Қарақалпақстан архитектурасының баслаўшысы Орынбай Төрениязов аўыллық мектепти тамамлағаннан соң, қурылыс тараўына қызығып дәслеп Ташкенттеги қурылыс техникумында, соңынан Политехника институтының архитектура факультетинде оқып тәлим алды.

Ол жоқары оқыў орнын питкерип келгеннен соң, көп жыллар даўамында  қурылыс мәкемесинде прораб, аға архитектор, Нөкис қаласы бас архитекторы, “Қарақалпақпуқаражойбар” институты бас архитекторы лаўазымларында жемисли жумыс иследи.

Соңынан “АРХТОРУС” дөретиўшилик устаханасын ашып, өмириниң ақырына шекем сол устахананың директоры болып хызмет атқарды.

Оның дөретиўшилик мийнетлериниң арқасында бүгинги күни республикамызда бир-биринен шырайлы, ҳәр тәреплеме қолайлы ҳәм зәўлим имаратлар бой тиклеп халқымыздың ийгилиги жолында минсиз хызмет көрсетип келмекте. Солар қатарында Қарақалпақстан тарийхы ҳәм мәденияты музейи, Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы музейи, Әбиў Райхан ал-Беруний атындағы музей, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры, Қарақалпақстан медицина институты, Орайлық Амфитеатр, министрлик, басқарма, банк, мийманхана, ресторан, көп қабатлы турақ жайлар ҳәм тағы басқа да  көплеген гөззал имаратларды айтып өтсек болады.

Сондай-ақ, ол республикамыздан тысқары қоңсылас Қазақстан ҳәм Түркменстан Республикаларында қурылған көплеген мешит ҳәм мақбаралардың архитекторы болып табылады. О.Төрениязов өзи жойбарын сызған объектте қарақалпақ халқының миллий колоритин сиңдириўге ҳәрекет етти.

Ол өмириниң соңғы жыллары “АРХТОРУС”  устаханасы директоры ўазыйпасын атқарыў менен бирге, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети архитектура факультетиниң доценти болып, студентлерге архитектураның әлўан түрли сырларынан тәлим берди.

Орынбай Төрениязовтың халқымыз ушын ислеген бул хызметлери республикамыз ҳүкимети тәрепинен мүнәсип түрде баҳаланып, ол Қарақалпақстан Республикасы Жаслар аўқамы ҳәм Бердақ атындағы  мәмлекетлик сыйлықларының лауреаты, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен архитектор атағы менен сыйлықланды. Бир неше мәрте Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутат болып сайланды.

Ол тек архитектор, жәмийетлик ғайраткер емес, ал, ана Ўатанын шын кеўли менен сүйетуғын, халқы ушын хызмет етиўди бахыт деп билетуғын елимиздиң азамат перзенти еди.

Егер, Орынбай Төрениязов тири болғанында быйыл 80 жасқа толған болар еди.

Әттең, сум әжел оны буннан бир-неше жыл бурын бизиң арамыздан алып кетти. Бирақ,  “жақсының иси өлмейди” дегениндей оның қурылыс тараўында ислеген пидайы хызметлерин халқымыз ҳеш қашан умытпайды.

Қарақалпақстан Республикасы Жаслар аўқамы ҳәм Бердақ атындағы  мәмлекетлик сыйлықларының лауреаты, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен архитектор, О.Төрениязовтың 80 жыллығына бағышланып пайтахтымыздағы Бердақ атындағы  Қарақалпақ мәмлекетлик университети  ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында еслеў кешеси  болып өтти.

Кешени Қарақалпақ мәмлекетлик университети проректоры Сақаўатдин Алауатдинов ашты ҳәм басқарып барды.

Онда юбилярдың студентлик дәўирдеги дослары Самарканд архитектура курылыс институты архитектура факультетиниң профессоры Актам Уролов, Ташкенттеги Бас жойбарлаў басқармасының бас архитекторы болып ислеген,  хазирги ўакытта напакадағы пенсионер Зайтулла Палтаев, Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы музейи директоры Шәригүл Пайзуллаева, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Нажиматдин Аңсатбаев, ҚМУ архитектура кафедрасы оқытыўшысы Азиза Абекеевалар шығып сөйлеп,  О.Төрениязовтың архитектура тараўында халқымыз ушын ислеген пидайы хызметлерин, адамгершилик пазыйлетлерин атап өтип, оның исмин мәңгилестириў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Кешеде республикамызға белгили шайыр Абилқасыи Өтепбергенов архитекторға арналған өзиниң жаңа қосығын оқып берди.

Илаж даўамында Бердақ ҚМУ архитектура факультетинде О.Төрениязов атындағы инновациялық оқытыў орайы ҳәм музейи ашылып, “мен-архитектор Төрениязов”  китабының презентациясы болып өтти.

Сондай-ақ, усы күни Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында  О.Төрениязовқа бағышланып, еслеў кешеси ҳәм республикамыз көркем өнер хызметкерлериниң қатнасыўында концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.
Кеше соңында О.Төрениязовтың перзенти Мақсет Төрениязов шығып сөйлеп,  илажды шөлкемлестириўде белсендилик көрсеткен инсанлар ҳәм кеше мийманларына шаңарағы атынан өзиниң миннетдаршылығын билдирди.











Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы