Нөкисте Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы қәнигелериниң қатнасыўында семинар өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы бөлими баслығы Сафарали Ҳамроев ҳәм инспекцияның басқа да қәнигелериниң қатнасыўындағы оқыў-семинарда педагог кадрлардың аттестациясын шөлкемлестириўде билимлендириў мәкемелери басшыларының роли, улыўма билим бериў шөлкемлерин мәмлекетлик аккредитациядан өткериў ҳәм мониторинг етиў тәртиплери, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 2-августтағы қарары менен Ҳүкиметтиң 2021-жыл 17-сентябрьдеги қарарына киргизилген өзгерислер ҳаққында сөз етилди.
-Билимлендириў тараўында жәмийетимиздеги барлық тараўлар ушын кадрлар таярлап шығарылады. Солай екен, педагог кадрларды аттестациядан өткериў менен биргеликте басқа тараўлардың да раўажланыў имканияты артады, -дейди Шымбай районындағы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектеби директоры Тамара Палўаниязова. – 2023-жылдан баслап 15 жыллық үзликсиз жумыс стажына ийе болған жоқары категориядағы муғаллимлердиң категориясы турақлы сақланып қалатуғын болды. Сондай-ақ, алдыңғы жыллары аттестация жуўмағында қағаз вариантындағы сертификатлар берилип, сол билимлендириў мәкемесиниң мөри басылатуғын еди. Енди бул процесс санластырылған, электронласқан ҳалда әмелге асырылып, муғаллимниң педагогикалық билиминен тысқары, оның психологиялық жағдайына да балл қойылып, мектептен алған баллары да қосылған жуўмағы электрон вариантта тапсырылатуғын болды. Бизиң мектебимизде соңғы аттестация жуўмағына бола, 5 муғаллим жоқары, 33и биринши ҳәм 28 муғаллим екинши категорияларға ийе болды.
Билимлендириўдиң сапасын халықаралық стандартлар дәрежесине көтериў мәселеси бүгинги күни тараўдың алдыңғы ўазыйпаларынан бирине айланған ўақытта реформаларды изге таслап қойыў мүмкин емес. Мәмлекетлик аттестация өткериўдиң мәжбүрийлигинен тысқары қосымша изленип, өз үстинде ислеўге умтылған, яғный гезексиз, ықтыярлы түрде дәрежесин көтерип алыўды қәлеўши педагог қәнигелерге мүмкиншиликтиң жаратылғаны усындай унамлы өзгерислерден бири болды. Семинар даўамында усы бағдардағы базыбир түсинбеўшиликлерди сапластырыўға, белгиленген тәртип-қағыйдалар тийкарында педагог кадрлардың аттестациясы, билимлендириў мәкемелерин мәмлекетлик аккредитациядан өткериў ҳәм мониторинг етиў бойынша республикамыздағы улыўма билим бериў мектеплери директорларының билим ҳәм көнликпелерин және де арттырыўға байланыслы мәселелер додаланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги