Қатарда өткерилип атырған жәҳән чемпионатында Франция сайланды командасының ҳүжимшиси Килиан Мбаппе Польша дәрўазасына еки гол урып, өзиниң жәҳән чемпионатларындағы  голлар санын 9 ға жеткерди.

Бул 23 жасар ҳүжимши ушын жаңа рекорд болып, усы күнге шекем футбол патшасы Пеле 24 жасына шекем жәҳән чемпионатында 7 гол урыўға ерискен еди.

Оннан алдын португалиялы футбол әпсанасы Эйсейбо 24 жас 182 күн болғанында 8 гол урыўға миясар болған.

Бүгинги күни ойнап атырған футболшылар арасында германиялы Томас Мюллер 10 гол урып 1-орында киятырған болса, Месси есабында 9, Роналдуда 8 гол бар.

Ал, улыўма жәҳән чемпионатында көп гол урыў бойынша рекорд 16 гол урған германиялы Мирослав Клозеге тийисли.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы