Бүгинги күни миллиардлар ойынына айланған футболды көпшилик халқымыз оғада жақсы көреди. Әсиресе, республикамызда өткерилип атырған ҳәр қыйлы футбол жарыслары бул спорт түриниң еле де раўажланыўы ҳәм ғалаба ен жайыўында әҳмийетли орын тутады.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмет көрсетиў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен республикамыздағы жумыс алып барып атырған барлық банк хызметкерлери арасында спорттың киши футбол түри бойынша жарыс өткерилди.
Жарыс жуўмағында 1-орынды Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы ийелеген болса, 2-3-орынларды «Ҳамкорбанк» ҳәм «Капиталбанк»тиң республикамызда жайласқан филиаллары қолға киргизиўге миясар болды.
Соның менен бирге, жарыста «Ең жақсы дәрўазаман», «Ең жақсы ҳүжимши», «Ең жақсы ойыншы» ҳәм «Ең жақсы қорғаўшы» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланды.
Жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы