Нөкис қаласындағы Бес баслама олимпиадасы шеңберинде жеңил атлетика бойынша финаллық басқышының «Б» лигасының жарыслары болып өтти.
Үш күн даўам еткен жарыста Ташкент қаласынан, ўәлаятлар ҳәм республикамыздан 280 спортшы қатнасты.
Жарысларда 16-21 жас категориясында ҳаял-қызлар арасында биринши орынды Хорезм ўәлаятының Аршазар мәҳәллеси, ерлер арасында Ферғана ўәлаятының Бағыш мәҳәллеси, 22-26 жас категориясында ҳаял-қызлар арасында биринши орынды Хорезм ўәлаятының Аршазар мәҳәллеси, ерлер арасында Қарақалпақстан Республикасының Наўайы пуқаралар жыйынының командалары ийеледи. Сондай-ақ, 27-30 жас категориясында ҳаял-қызлар арасында Әндижан ўәлаятының Янги ҳаёт мәҳәллеси, ерлер арасында Ферғана ўәлаятының Устаз мәҳәллеси командалары жеңимпаз болды,
Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, медальлар ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги