Усы жыл 29-30-ноябрь күнлери Нөкис қаласында «Кураш» бойынша ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында «Өзбек палўаны» жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Усы өткерилген жарысқа республикамыздың қала ҳәм районларынан жәми 54 (39 еркек, 15 қыз) спортшы қатнасты.

Жарыс халықаралық кураш қағыйдаларына муўапық өткерилди.

Жарыс жуўмағына бола, ерлер арасынан 73 килограмм салмақ категориясы бойынша Нөкис қаласынан Абдизатдин Алҳамов, 81 килограмм салмақ категориясы бойынша Мадияр Бекполатов, 90 килограмм салмақ категориясы бойынша Мойнақ районынан Руслан Рейпназаров, 100 килограмм салмақ категориясы бойынша Әмиўдәрья районынан Акбар Қодиров, 100 килограммнан аслам салмақ категориясы бойынша Тақыятас районынан Марсел Жиемуратовлар биринши орынды ийеледи. Ал, қызлар арасынан 57 килограмм салмақ категориясы бойынша Мойнақ районынан Әсем Бахтығалиева, 63 килограмм салмақ категориясы бойынша Нөкис қаласынан Нурсулыў Бердақова, 78 килограмм салмақ категориясы бойынша Клара Дәрменбаевалар биринши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.








 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери