Кеше Қатарда даўам етип атырған футбол бойынша жәҳән чемпионатында 3-тур ойынлары басланды.
Турдың дәслепки ойынларын «A» топарындағы командалар баслап берди. Атап айтатуғын болсақ, 4 упай менен усы топарда жетекшилик етип киятырған Нидерлендия өзиниң барлық имканиятларынан айрылған Қатар сайланды командасы менен ушырасқан болса, турнирде өзине жараса әжайып ойын көрсеткен Эквадор Сенегал сайланды командасы менен келеси басқыш жолламасы ушын өз-ара гүрес жүргизди.
Оғада қызықлы өткен Эквадор Сенегал ойынының 1-таймының соңында Исмайыл Сарр пенальтиди анық әмелге асырып, африкалыларды есапта алдыға алып шықты. Екинши таймда Эквадор бир қатар қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирип, усындай ҳүжимлердиң бирин Мойзес Кайседо голға айландырыўға еристи.
Бирақ, Эквадордың бул қуўанышы узаққа созылмады ҳәм Сенегал сәрдары Калиду Кулибали әжайып тәризде гол урып, өз командасын келеси басқышқа алып шықты.
Ал, топардағы екинши ойында болса, Нидерландия майдан ийелерин 2-0 есабында жеңип шығыўға еристи. Итибарлы тәрепи сонда, бул ойында да Нидерландия сайланды командасының әжайып жас ҳүжимшиси Коди Гакпо және бир мәрте гол урып, бир қатар күшли клублардың нәзерине түсти.
Сондай-ақ, усы күни «В» топарында Англия Уэлс пенен, АҚШ Иран менен өз-ара ойын өткерип, бунда Англия Уэлсти 3-0, АҚШ болса Иранды 1-0 есабында жеңип шығып, келеси басқышқа жолламаны қолға киргизди.
Енди жәҳән чемпионатының 1/8 финалында Англия Сенегал менен ушырасса, АҚШ нидерландиялы футболшылар менен өз-ара күш сынасады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы