Қатар майданларында болып атырған жәҳән чемпионаты күтилмеген ўақыяларға бай болмақта.
Бул болса, футбол жанкүйерлериниң наразылықларына себеп болмақта. Атап айтатуғын болсақ, «F» топарында ойын өткерип атырған Бельгия Марокко сайланды командасы менен ушырасып, 0-2 есабында жеңилиске ушыраған еди.
Ойын тамамланғаннан соң Бельгия пайтахты Брюссельде өз командасының көрсеткен нәтийжесинен наразы болған футбол жанкүйерлери тәрепинен ғалаба тәртипсизликлр басланып кетти.
Олар тәрепинен қала орайындағы шығынды қутылары өртелип, автомобильлерге зыян жеткизилген ҳәм дүкәнлар тоналған.
Буны көрген полицияшылар тәртипсизликлерди тоқтатыўға ҳәрекет етеди. Бирақ, тәртип бузыўшылар полицияшыларға қатаң қарсылық көрсетеди. Сонлықтан полиция бул ҳәрекетлерге қарсы водомёт ҳәм көзди жасландырыўшы газди қолланыўға мәжбүр болады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы