Испанияда бокс бойынша жас өспиримлер арасында жәҳән чемпионаты өз жуўмағына жетпекте.
Онда табыслы қатнасып атырған Өзбекстан сайланды командасының 8 ағзасы алтын медаль ушын рингке шығады.
Атап айтатуғын болсақ, бүгин 48 кг салмақта Гулсевар Ғаниева ҳиндстанлы Бавна Шарма , 57 кг да Бахтиёр Асадов мексикалы Эзекьел Кабрера менен өз-ара күш сынасады.
Сондай-ақ, ертең 67 кг да Жавоҳир Умматалиев, 71 кг да Фазлиддин Эркинбоев, 70 кг да Азиза Зокирова, 75 кг да Тўрабек Хабибуллаев, 80 кг да Раҳматилло Бойматов, 81 кг да Олтиной Сотимбоевалар жәҳән чемпионы атағын жеңип алыў ушын шешиўши беллесиўлерге түседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы