Израилдың Иерусалим қаласында шахмат бойынша ерлер арасында өткерилип атырған жәҳән чемпионатында кеше ярым финал ойынлары болып өтти.

Онда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары шахмат ўатаны есапланған Ҳиндстан сайланды командасы менен өз-ара күш сынасты ҳәм 2,5-1,5 есабында жеңиске еристи.

Ал, бүгин болса, өзбекстанлы шахматшылар финальда Қытай сайланды командасы менен өз-ара жәҳән чемпионлығы ушын гүрес жүргизеди.

Бул ушырасыў Ташкент ўақты менен 18:00 де басланыўы белгиленген.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.