Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Космослық мониторинг жумысларын әмелге асырыў ҳәм мәмлекетлик басқарыў уйымларын космослық пәтлер менен тәмийинлеў, сондай-ақ, космослық технологияларды қолланыў арқалы социаллық-экономикалық, илим, қорғаныў ҳәм қәўипсизлик тараўларында космослық жумыс нәтийжелеринен нәтийжели пайдаланыўды жолға қойыў мақсетинде:

  1. Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлиги (кейинги орында «Өзбеккосмос» агентлиги) Өзбекстанның космослық жумысын тәртипке салыў, космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясат ҳәм стратегиялық бағдарларды белгилеў сондай-ақ, космослық мониторинг, соның ишинде, мәмлекетлик космослық мониторингти әмелге асырыў бойынша арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымы болып есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Мәмлекетлик космослық мониторингти әмелге асырыў шеңберинде «Өзбеккосмос» агентлигине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:

космослық пәтлерди қайта ислеў ҳәм таллаў арқалы экономика тараўларында нызамбузаўшылық жағдайларын анықлаў;

мәмлекетлик космослық мониторингти әмелге асырыў бойынша бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

тийисли министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен әмелге асырылатуғын мониторинг процесслеринде космослық технологияларды қолланыў бойынша усынысларды таярлаў;

тараўларда министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен космослық технологияларды қолланыў дәрежесин мониторинг етиў ҳәм олардың енгизилиўин жеделлестириў.

  1. Төмендегилер:

2022-2024-жыллары Өзбекстан Республикасының космослық тармағын раўажландырыў бойынша «жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 1-қосымшаға муўапық;

2023-2024-жылларға мөлшерленген мәмлекетлик космослық мониторингти әмелге асырыў бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

«Өзбеккосмос» агентлиги 2024-жыл 1-декабрьге шекем әмелге асырылатуғын илажлар, усы қарарда белгиленген ўазыйпалар бойынша ерисилген нәтийжелер ҳәм мақсетли көрсеткишлер, сондай-ақ, тийисли дәўир ушын космослық технологиялар раўажланыўының тийкарғы бағдарларынан келип шығып 2025-2026-жылларға мөлшерленген «жол картасы»н Министрлер Кабинетине киргизсин.

Қаржы министрлиги 2-қосымшадағы илажларды 2023-2024-жыллары әмелге асырыў ушын зәрүр болатуғын қаржылар Мәмлекетлик бюджеттен «Өзбеккосмос» агентлигине ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-августтағы «2022-2023-жыллары мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-357-санлы қарары шеңберинде:

министрлик, уйым ҳәм шөлкемлер «Өзбеккосмос» агентлигиниң сораўнамасына тийкарланып зәрүр мағлыўматларды өз ўақтында ҳәм сапалы усынатуғынлығы;

тийисли тараўларда жуўапкер болған министрлик, уйым ҳәм шөлкемлердиң басшылары тастыйықланған бағдарлар шеңберинде әмелге асырылып атырған барлық илажлардың сапалы орынланыўы бойынша жеке жуўапкер болып есапланатуғыны белгиленсин.

  1. «Өзбеккосмос» агентлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте мәмлекетлик космослық мониторингти әмелге асырыў тәртибин белгилеўши Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин, онда:

Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги тәрепинен мәмлекетлик космослық мониторинги өткерилетуғын тараўларға байланыслы мәмлекетлик кадастрлар мағлыўматлары (вектор ҳәм атрибутив параметрлерине өзгериссизлерсиз) өзгериссиз түрде орнатылған тәртипте «Өзбеккосмос» агентлигине турақлы түрде берип барылыўын;

мәмлекетлик космослық мониторинг системасы арқалы жер асты байлықларын қазып алыў, суў ресурсларын қорғаў, тоғай фонды жерлеринен пайдаланыў, турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм реализациялаў бағдарларында (мәмлекетлик жер ҳәм кадастр қадағалаўы тараўындағы ҳуқықбузарлықлар буған кирмейди) анықланған ҳуқықбузарлықлар ушын өндирилетуғын ҳәкимшилик жәриймалардың 10 процентин Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлигиниң Космослық тармақты раўажландырыў қорына бағдарлаўды нәзерде тутсын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

мәпдар министрлик ҳәм уйымлар ҳәр жылы 20-июльге шекем келеси жыл ушын космослық хызметлерге болған талап көлеми, дәўирлилиги ҳәм оларды жеткерип бериў мүддетлери ҳаққындағы мағлыўматларды «Өзбеккосмос» агентлигине береди;

министрлик ҳәм уйымлардың талабы бойынша «Өзбеккосмос» агентлиги тәрепинен әмелге асырылатуғын келеси жыл ушын космослық хызметлер көлеми ҳәм түрлери ҳәр жылы 1-октябрьге шекем Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланады;

космослық хызметлер қәрежетлериниң бир бөлеги «Өзбеккосмос» агентлиги қәрежетлер сметасында ажыратылған бюджет қаржылары, қалған бөлеги Қаржы министрлиги қаржыларының қурамында нәзерде тутылады ҳәм бул қаржы кейин ала Министрлер Кабинетиниң тапсырмалары тийкарында қайтадан бөлистириледи.

  1. «Өзбеккосмос» агентлигине:

космослық технологияларды енгизиў системасын қаржыландырыў ушын қәрежетлер бойынша усынысларды қәлиплестириў ҳәм зәрүрликке бола сырт ел қарызы, грантлар ҳәм басқа да қаржыларды тартыў;

космослық тармақты раўажландырыў қорының ўақтынша бос турған қаржыларын коммерциялық банклердиң депозитлерине жайластырыў ҳәм оларды бөлистириў ҳуқықы берилсин.

  1. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Кадастр агентлиги ҳәм «Өзбеккосмос» агентлиги менен биргеликте 2023-жыл 1-февральға шекем мәмлекетлик космослық мониторинг өткерилетуғын тараўларға байланыслы мәмлекетлик кадастрлар мағлыўматларын «Электрон ҳүкимет»тиң уйымлараралық мағлыўматлар өткериў тармағы арқалы бериў бойынша өз-ара интеграцияласыўды тәмийинлесин.
  2. «Өзбеккосмос» агентлиги космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар тараўында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм коммерциялық космослық жумысты раўажландырыў мақсетинде:

Глобал жасалма жолдаслы навигация (GNSS) системаларының операторлары менен бирге ислесиў байланысларын орнатыў;

Халықаралық астронавтика федерациясына (IAF) ағза болыў;

халықаралық финанс институтлары, донор шөлкемлер, компаниялар ҳәм банклер менен космослық тараўға инвестиция ҳәм алдыңғы технологияларды тартыў бойынша бирге ислесиўди раўажландырыў;

айрықша жағдайлар пайда болғанда жасалма жолдас аппаратлары арқалы жерди аралықтан зондлаў мағлыўматларын оператив қабыл етиў мақсетинде сырт ел жасалма жолдас операторлары менен келисим, меморандум ҳәм шәртнамалар дүзиў илажларын көрсин.

  1. Инновациялық раўажланыў министрлиги Илимлер академиясы менен биргеликте 2023-жылдың ақырына шекем аўыл ҳәм суў хожалығы, экология, телекоммуникация, геология-излеў, картография, гидрометеорология, сейсмология ҳәм қала қурылысы тараўларының нәтийжелилигин арттырыўда жерди аралықтан турып зондлаў, жолдас байланыс, навигация системаларын қолланыў мәселелериниң илимий ҳәм инновациялық шешимине қаратылған әмелий ҳәм инновациялық илимий-изертлеў жумысларына мәмлекетлик буйыртпаны қәлиплестирсин.

Онда, илимий изертлеў нәтийжелерин өндириске нәтийжели енгизиў мақсетинде таңлаў жәриялаў ушын берилетуғын жойбар темалары ҳәм олардан күтилип атырған нәтийжелер «Өзбеккосмос» агентлиги менен келисиледи.

  1. Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникация агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ғалаба хабар қуралларында усы қарардан гөзленген мақсет ҳәм ўазыйпалар, сондай-ақ, Бағдарлама ҳәм «Жол картасы»н әмелге асырыў процесин жарытыў бойынша мақала ҳәм тематикалық телебағдарламаларды шөлкемлестирсин.
  2. «Өзбеккосмос» агентлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип «Өзбеккосмос» агентлигиниң бас директоры ўазыйпасын атқарыўшысы Ш.М.Қадиров белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2023-жыл 1-июльге шекем Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                        Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 23-ноябрь