«Манчестер Юнайтед» ҳәм Португалия командасының ҳүжимшиси Криштиану Роналду иглиз клубы британиялы журналист Пирс Морган менен сәўбетлесиўден наразы екени ҳаққындағы гәплерге анықлама берди.

«Дурыс ўақытты қалай таңлаўымыз сиз ушын аңсат түйиледи. Гейде рас жазасаң, гейде жалған жазасаң. Басқалар не деп ойлайтуғыны ҳаққында бас қатырыўым шәрт емес. Қәлесем сөйлеймен», – деди Роналду Португалия командасы баспасөз әнжуманында.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги