Усы күнлери Испанияның Ла-Нусия қаласында бокс бойынша жас өспиримлер арасында жәҳән чемпионаты болып өтпекте.

Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында 92 кг салмақта қатнасып атырған республикамыздың ўәкили Айназар Кеңесбаев бүгин ярым финал жолламасы ушын Египет сайланды командасы боксшиси Муҳаммад Ҳолид пенен өз-ара гүрес алып барады.

Буннан алдынғы беллесиўде Айназар ирландиялы Жозеф МакДонагти жеңген еди.

Барлық бокс жанкүйерлери атынан Айназар Кеңесбаевтың бул ушырасыўда да жеңиске ерисиўин тилеп қаламыз!

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы