20-ноябрь күни Қатар пайтахты Доха қаласында футбол бойынша жигирма екинши жәҳән чемпионатына старт берилди. Дәслепки ойында майдан ийелери Эквадор сайланды командасы менен ушырасып, онда Түслик Америка ўәкиллери 0:2 есабында жеңиске еристи.
Бүгин, 21-ноябрь күни жәҳән чемпионатының үш ойыны болып өтеди. «А» ҳәм «В» топарларындағы сайланды командалар өз ара ушырасады.
Ташкент ўақты менен 18:00 де «В» топарында «Transfermarkt»тиң мағлыўматлары тийкарында қурамы бойынша жәҳән чемпионатының ең қымбат командасы деп есапланған Англия командасының Иран менен ушырасыўы басланады. Бул командалар алдын бир-бири менен майданда өз ара гезлеспеген. Статистикаға нәзер аўдаратуғын болсақ, англиялы футболшылар соңғы 6 ойында жеңиске ерисе алмаған, ал иранлыларда керисинше, соңғы 14 ойынның 12 си жеңис пенен жуўмақланған.
Бул ойынды МТРКның «Sport» телеканалы арқалы тиккелей эфирде тамашалаў имканияты жаратылады.
Сондай-ақ, 21:00 де «А» топарынан орын алған Сенегал – Нидерландия ушырасыўы старт алады. Сенегал командасы қурамындағы тийкарғы футболшылардың бири болған Садио Мане жарақатына байланыслы мундиальда қатнаса алмайды. Ал Нидерландия командасы өзиниң әжайып ойынлары менен ықласбентлерин қуўанышқа бөлемекте – 2021-жылдың сентябрь айынан берли бирде-бир жеңилиске ушырамады: 11 жеңис, 4 теңбе-теңлик.
Бул командалар да бир-бири менен алдын майданда гезлеспеген. Командалар арасындағы дәслепки ойын МТРКның «Sport» телеканалы арқалы тиккелей эфирде алып көрсетиледи.
«В» топарындағы дәслепки ойын АҚШ – Уэльс арасындағы ушырасыў Ташкент ўақты менен 00:00 де басланады. Бул ушырасыў командалардың өз ара үшинши ойыны болып, буған шекемги өткерилген еки жолдаслық ушырасыўының бириншисинде АҚШ 2:0 есабында жеңиске ерискен болса, 2020-жылы өткерилген екинши ойын 0:0 есабы менен жуўмақланған.
Уэльс футбол бойынша жәҳән чемпионатына соңғы мәрте 1958-жылы қатнасқан. АҚШ командасы болса мундиальға 10 мәрте қатнасқан, ең жақсы көрсеткиши 1930-жылға тийисли – бронза медалы.
Бул ушырасыўды да МТРКның «Sport» телеканалы арқалы тиккелей эфирде тамашалаўыңыз мүмкин.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.