14–16-ноябрь күнлери пайтахтымызды өткерилген Киши жастағы балаларға ғамхорлық етиў ҳәм билим бериў бойынша пүткил жер жүзилик конференцияның ақырғы күнинде ЮНЕСКОның Ташкент декларациясы қабыл етилди.
Онда 2030-жылға шекемги дәўирде халықаралық көлемде мектепке шекемги билимлендириў тараўының тийкарғы принциплери белгиленди.
Ҳүжжет конференция шеңбериндеги мәсләҳәтлесиў процеси арқалы таярланған ҳәм қол қойылғаннан соң БМШтың алты рәсмий тилине аўдарылады ҳәм ЮНЕСКОға ағза мәмлекетлерге тарқатылады.
Киши жастағы балаларды тәрбиялаў ҳәм билим бериў системасын глобал өзгертиў стратегиясының бир бөлими сыпатында Ташкент декларациясында бир қатар жетекши принциплер белгиленди. Яғный оқыў бағдарламалары ҳәм педагогиканың сапасы ҳәм әҳмийетлилигин арттырыў, ҳәмме балалар ушын тең ҳәм инклюзивлик билимлендириў хызметлерин тәмийинлеў ҳәм айрықша жағдайларда киши жастағы балаларды тәрбиялаў ҳәм билим бериўге кирисиў ҳуқықларын қорғаў ҳәм кепиллеў.
Усы ҳәм басқа да бир қатар ўазыйпалар негизинде педагог кадрларды раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, инновацияларды кеңнен енгизиў, тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў сыяқлы фундаменталь факторлар жәмленген.
Моҳигул Қосимова, ӨзА