Белгили сүўретши ҳәм анимация жаратыўшысы Уолт Дисней 1901-жылы 5-декабрде Чикаго қаласында туўылған. Ол өзиниң анимациялық жойбарлары себепли оның образы Америка жәмийетине үлкен тәсир көрсеткен белгили карикатурашы сыпатында ажыралып турады.

Ол дүньядағы ең зәрүр анимация студиясын жаратыў менен бирге, көплеген Дисней ықласбентлерине өмир ҳәм қуўаныш бағышлаған белгили тышқанды – Микки Маустың тийкарғы жаратыўшысы ретинде де белгили.

Биринши Уалт Дисней логотипи Mickey Mouse жаратылғаннан кейин пайда болған. Бул Микки Тышқан логотипи дүньядағы барлық телевизорлар экранында белгили бурылыс ҳәм рең өзгериўи менен ажыралып турады. Абыройы ҳәм әҳмийети жоқары болған биринши мултфилм сыпатында танылған Mickey Mouse да дүньядағы ең белгили бренд еди.

Егер сиз Диснейдиң ҳақыйқый ықласбенти болсаңыз, усы постты ақырына шекем оқып шығыўыңызды ҳәм Дисней ҳаққында мағлыўмат излеўде даўам етиўиңизди усыныс етемиз. Ўақыялар усының менен жуўмақланбайды, себеби Уолт Дисней күнделик өмиримизде мәңги қалады.

 

Дилназа Калбаева,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги