Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөлер театрында 11-ноябрь-Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни байрамына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.
«Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!» идеясын өзинде жәмлеген илажда мийнет ветеранлары, кәсиплик аўқамларының белсендилери, бирге ислесиўши шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажды Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы, сенатор У.Жәлменов кирис сөз бенен ашты. Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды кәсиплик аўқамлары күни байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен 2020-жыл 23-ноябрьде Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнин белгилеў ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди. Усы Нызам менен 11-ноябрь елимизде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни деп белгиленди.
Ҳақыйқатында да соңғы жыллары жәмийетлик турмыста кәсиплик аўқамларының орны ҳәм роли барған сайын артып бармақта. Олар тәрепинен жумысшы-хызметкерлердиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, мүнәсип мийнет шараятын жаратыў, ең баслысы, жәрдемге мүтәж шаңарақларға ҳәм олардың перзентлерине, кекселер менен майыплығы болған шахслардың нызамлы мәплерин қорғаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Сонлықтанда кәсиплик аўқамлары бүгинги күни олардың ҳақыйқый сүйенишине айланбақта. Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күниниң белгилениўи, ең дәслеп, кәсиплик аўқамлары шөлкемлерин руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў, олардың буннан былай да нәтийжели мийнет етиўин тәмийинлеў, тараў пидайыларын хошаметлеўге хызмет етпекте.
Илажда кәсиплик аўқамларының бир топар ветеранлары менен белсендилерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен көкирек белгилери ҳәм Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
Орынларда «Ҳаял-қызлар дәптери» системасының нәтийжелилигин арттырыў, ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиўде өзиниң пидәкерлик мийнети менен бәршеге өрнек болып киятырған жуўапкерлерди хошаметлеў мақсетинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен өткерилген таңлаўлардың Өзбекстан Республикасы басқышында республикамыздың ўәкиллери де мүнәсип қатнасып, сыйлы орынларды алыўға миясар болды.
Атап айтқанда, Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қоңырат районы бөлиминиң Мыңжарған мәкан пуқаралар жыйынындағы жаслар жетекшиси Улбосын Мамбетярова «Ең жақсы жаслар жетекшиси» таңлаўында екинши орынды ийелеп. Президент саўғасы «Кобальт» автомашинасы менен, Беруний районы Қызылқала аўыл пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси Наргиза Нурымбетова «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» таңлаўында биринши орынды ийелеп. «Жентра» автомашинасы менен сыйлықланды. Оларға сыйлық, Ташкент қаласында болып өтетуғын салтанатлы мәжилисте тапсырылады.
Сондай-ақ, «Ең жақсы мәҳәлле баслығы» таңлаўында Шымбай районындағы Бердақ мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Фатима Палванова, «Ең жақсы сектор басшысы» таңлаўында Қанлыкөл районы Ишки ислер бөлиминиң баслығы, 3-сектор басшысы Фархат Урумбаев, «Ең үлгили жумыс бериўши ҳаял» таңлаўында Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийетине қараслы «BERNINA NUKUS» сыңар кәрханасының директоры Паршагүл Дәўлетярова, «Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси» таңлаўында Қарақалпақстан посёлкалық пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси Жәмийла Әметовалар жеңимпаз болды. Олардың ҳәр бирине 30 миллион сумнан ақшалай сыйлық тапсырылды.
-Жаслар жетекшилери менен ислесиўдиң жаңаша механизмлерин енгизиў, жаслар жетекшилериниң шөлкемлестириў-ҳуқықый билимлерин жетилистириўге қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде жаслардың машқалалары тиккелей мәҳәллелердиң өзинде шешимин таппақта,-дейди таңлаў жеңимпазы, Мыңжарған мәкан пуқаралар жыйынындағы жаслар жетекшиси Улбосын Мамбетярова.-Мәмлекетимиздеги тоғыз мыңнан аслам мәҳәллелердеги жаслар жетекшилери арасынан мениң мийнетимди мүнәсип баҳалағаны ушын миннетдаршылық билдиремен. Бул тек маған емес, пүткил қарақалпақстанлы жасларға берилген сыйлық деп есаплайман.
Салнатантлы илаж қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлериниң байрам концерт бағдарламасы қойып берилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.