Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Денетәрбия ҳәм спорт тараўында қәнигели кадрлар таярлаў, билимлендириў процесин халықаралық стандарларға бейимлестириў ҳәм басқарыў системасын санластырыў, педагогикалық ҳәм илимий потенциалын буннан былай да арттырыў және илимий-изертлеў жумысларының сапасын түп-тийкарынан жақсылаў, алдыңғы сырт ел спорт-билимлендириў нәтийжелерине ерисиў мақсетинде:

  1. Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети (кейинги орынларда – Университет) және оның филиалларында:

билимлендириў бағдарламалары халықаралық рейтингте жоқары болған сырт ел жоқары билимлендириў мәкемесиниң бағдарламасына бола қәлиплестирилсин, дүньядағы жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте студентлердиң академиялық алмасыўын тәмийинлеў ҳәм жоқары билим алыўына кеңнен шараят жаратыў ушын бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери аккредитациядан өткерилсин;

студентлерде спорт шеберлигин турақлы түрде жоқарылатыў және олардың персоналтраекториялар бойынша вариативлик (өзгериўшең) оқыў режелери тийкарында оқыўы ушын оқыў процеси кредит-модуль системасы тийкарында шөлкемлестирилип, бул система 2024-2025-оқыў жылына шекем толық енгизилсин;

2024-2025-оқыў жылына шекем барлық бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерине байланыслы қәнигелик талаплары қайта көрип шығылсын, соның ишинде, питкериўши бакалавр ҳәм магистрантлардың билими, шеберлиги ҳәм педагогикалық көнликпелерин баҳалаўшы компетенцияларды сертификатлаў системасы енгизилсин.

  1. 2023-2024-оқыў жылынан баслап Университет ҳәм оның филиалларында:

бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери халықаралық стандартлардан келип шығып оптималластырылатуғыны және бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери 1-қосымшаға муўапық енгизилетуғыны;

«Спорт искерлиги (искерлик түрлери бойынша)» бакалавриат билимлендириў бағдарына кеминде екинши спорт разрядына ийе болған, «Спорт түриниң өз алдына бағдарлары» магистратура қәнигелигине ийе кеминде Өзбекстан спорт шеберлигине ямаса Өзбекстан гроссмейстерлигине талабан спорт рязрядына ийе болған абитуриентлер қабыл етилетуғыны;

оқыў шынығыўлары ҳәм шеберлик сабақларын өткериў және оқыў процесине қатнасыў ушын спорт федерация (ассоциация)ларының жетик маманлыққа ҳәм тәжирийбеге ийе болған қәнигелери тартылатуғыны;

«Менеджмент (денетәрбия ҳәм спорт менеджменти), «Менеджмент (спорт илажларын шөлкемлестириў ҳәм басқарыў» ҳәм «Маркетинг (спорт маркетинги)» бакалавриат тәлим бағдарларының питкериўши студентлериниң әмелияты жасайтуғын аймағындағы жасаў аймағындағы мәҳәллелерде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 11-апрельдеги «Мәҳәллелерде жасларды ғалаба спортқа тартыўды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-201-санлы қарарында белгиленген тийисли спорт түрлери бойынша ғалаба спорт жарысларын шөлкемлестириў арқалы әмелге асырылатуғыны;

қәбилетли (қағыйдаға бола, жоқары баҳаларға питкерген) питкериўшилердиң питкериў алды әмелияты оларды миллий сайланды командалардың сырт елде өткерилетуғын оқыў-шынығыў жыйынларына және халықаралық жарыслар процесине тартыў арқалы шөлкемлестирилетуғыны;

студентлердиң өзлестирген билими, тәжирийбе ҳәм көнликпелерин әмелиятта қолланыў дәрежесинен келип шығып, қәбилетли питкериўшилерге спорт бойынша төреши және екинши категориялы тренер маманлық категориясын белгилейтуғын гүўалық берилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1.  Сондай тәртип орнатылсын, оған бола 2023-2024-оқыў жылынан баслап Университет ҳәм оның филиалларында және басқа да жоқары билимлендириў мәкемелериниң денетәрбия ҳәм спорт тараўындағы билимлендириў бағдардарларында төмендегилер кәсиплик (дөретиўшилик) кириў имтиханларын тапсырыўдан азат етилетуғыны ҳәм оларға максимал балл бериледи:

Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы ҳүрметли атағына ийе болған спортшылар;

Халықаралық категориядағы Өзбекстан спорт шебери ямаса халықаралық гроссмейстер спорт атағына ийе болған спортшылар;

Өзбекстан спорт шебери ямаса Өзбекстан гроссмейстери спорт атағына ийе болған спортшылар;

Олимпия ҳәм Паралимпия, Азия ҳәм Параазия ойынлары бағдарламаларына киргизилген спорт түрлери бойынша республика чемпионатларында соңғы бир жылда жеңимпаз (1-орын) болған спортшылар. Онда, бул спортшылар вариативлик (өзгериўшең) оқыў режелери тийкарында оқытылады, сондай-ақ, олар мәҳәллелерде спорт дөгереклерин ашыў ҳәм басқарыў, спорт илажларын шөлкемлестириў, жаслар арасында спорттың абзаллықларын үгит-нәсиятлаў жумысларына тартылады.

  1. Денетәрбия ҳәм спорт бағдарларында 2023-жыл 1-январьдан баслап Паҳлаван Маҳмуд атындағы мәмлекетлик стипендиясы енгизилсин.

Паҳлаван Маҳмуд атамасында мәмлекетлик стипендиясы денетәрбия ҳәм спорт бағдарлары ушын кадрлар таярлайтуғын ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемесиниң бир жоқары курс студентине Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1993-жыл 5-февральдағы «Өзбекстанның оқыўшы жасларын хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы ПП-555-санлы Пәрманында белгиленген талаплар тийкарында тайынланады.

Спортты раўажландырыў министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги, Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте үш ай мүддетте Бакалавриат басқышы студентлери ушын  Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм атамалы мәмлекетлик стипендиялар және оларды тайынлаў тәртиби ҳаққындағы режеге тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

  1. Университет Бақлаў кеңеси Денетәрбия ҳәм спорт тараўында кадрлардың потенциалын арттырыў және илимий жумысты раўажландырыў бойынша бақлаў кеңеси (кейинги орынларда – Бақлаў кеңеси) етип қайта аталсын, сондай-ақ, оның жаңаланған қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Университет филиаллары, Жоқары спорт шеберлиги институты және Дентәрбия ҳәм спорт илимий изертлеўлер институтының (кейинги орынларда – Институт) жумысы Бақлаў кеңеси тәрепинен муўапықластырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Бақлаў кеңесине Университет ҳәм оның филиаллары, Жоқары спорт шеберлиги институты ҳәм Институттың басқарыў, оқыў-методикалық, илимий-изертлеў ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумысын нәтийжели жетилистириў және материаллық-техникалық базасын беккемлеў ўазыйпалары жүкленсин.

  1. Бақлаў кеңеси (А.Икрамов) жүкленген ўазыйпалар менен бир қатарда төмендеги мәнзилли илажларды әмелге асырсын:

Университетке тартыўды күшейтиў ушын дүньядағы жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте кадрлар таярлаў, ашық-айдын қабыллаў процесин жетилистириў, билим алып атырған сырт ел студентлериниң санын 2 есеге көбейтиў;

Университетте олимпия спорт түри бойынша бағдарлар санын 20 процентке, олимпия емес спорт түрлери бойынша бағдарлар санын 60 процентке арттырыў;

Университет профессор-оқытыўшыларының кәсиплик компетенцияларын турақлы раўажландырып барыў мақсетинде ҳәр жылы кеминде 10 профессор-оқытыўшының сырт мәмлекетлерде маманлық арттырыўы ҳәм стажировка өтеў системасын жолға қойыў ҳәм билимлендириў процесине сырт еллердиң жетекши профессор-оқытўшыларын тартыў;

2025-жылға шекем Университеттиң халықаралық тән алынған шөлкемлериниң (QS ямаса TНE) тараўлық, регионаллық ямаса тематикалық рейтинглерине киргизилиўине ерисиў және 2030-жылға шекем Университетти халықаралық тән алынған шөлкемлердиң (QS ямаса TНE) жоқары билимлендириў мәкемелери рейтингинде биринши 1 000 лық дизимине киргизиў;

Университетте фундаментал және әмелий изертлеўлердиң көлемин кеңейтиў, олардың нәтийжелилигин арттырыў, илимниң өндирис пенен интеграциясын күшейтиў арқалы илимий потенциалды 1,7 есеге көбейтип, 45 процентке шекем жеткериў;

Университет профессор-оқытыўшыларының илимий-методикалық жумысының нәтийжелилигин сабақлықлардың саны бойынша 1,8 есеге, оқыў-қолланбалардың саны бойынша 1,8 есеге шекем, Scopus ҳәм Web of Science мағлыўматлар базасына киргизилген мақалалардың саны бойынша 4,4 есеге арттырыў;

Университет ҳәм Институтта заманагөй оқыў ҳәм илимий-лаборатория базасын жақсылаў (функционал, психодиагностикалық, беомеханикалық, генетикалық ҳәм басқа да лабораториялар), оларды алдыңғы технологиялық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, сондай-ақ, бирден-бир китапқумар фондын қәлиплестириў арқалы фондты 60 процентке жаңалаў;

Университеттиң спорт объектлеринде сайланды командалардың оқыў-шынығыў жыйынлары ҳәм спорт жарысларын ижара шәртлери ҳәм төлемли тийкарда өткериў арқалы хызметлерди раўажландырыў бюджеттен тысқары қаржылардың муғдарын көбейтип барыў.

  1. Төмендегилер:

2022-2025-жылларда Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң жумысын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери (индикаторлары) 3-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң жумысын комплексли раўажландырыў бағдарламасы 4-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан мәмлекетлик  денетәрбия ҳәм спорт университети тәрепинен жаңа қолланба ҳәм технологияларды жаратыў ҳәм енгизиў жойбарларын әмелге асырыў бағдарламасы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Бақлаў кеңеси (А.Икрамов) ҳәр бир мақсетли көрсеткишке (индикаторға) ерисиў бойынша зәрүр илажларды әмелге асырсын, өз мәжилислеринде бул мәселени додалап барсын.

  1. Университет структурасында 2023-жыл 1-январьдан баслап Компетенцияларды баҳалаў орайы шөлкемлестирилсин.

Спортты раўажландырыў министрлиги системасындағы спорт-билимленлириў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери профессор-оқытыўшылары, илимий хызметкерлери, тренерлери, методистлери, басқа да хызметкерлери және пиктериўшилериниң билим ҳәм әмелий көнликпелери дәрежесин баҳалаў, олардың педагогикалық ҳәм илимий потенциалын және де арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў Компетенцияларды баҳалаў орайының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленетуғыны;

Компетенцияларды баҳалаў орайы тиккелей Бақлаў кеңеси тәрепинен басқарылатуғыны және оның жумысы Университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны;

Бақлаў кеңеси Компетенцияларды баҳалаў орайының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ушын барлық илажларды көретуғыны, соның ишинде, сырт ел технологияларының трансфери арқалы алдыңғы тәжирийбени енгизетуғыны белгиленсин.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) Самарқанд қаласында «Россия мәмлекетлик денетәрбия, спорт, жаслар ҳәм туризм университети» федерал мәмлекетлик бюджет жоқары билимлендириў мәкемеси филиалының жумысы тамамланып атырғанлығы мүнәсибети менен усы университеттиң жетекши профессор-оқытыўшыларын Университет ҳәм оның филиаллары, Жоқары спорт шеберлиги институты және Институтқа тартыў илажларын әмелге асырсын.
  2. Денетәрбия ҳәм спорт тараўында илимий изертлеўлер системасын және де жетилистириў мақсетинде Институтқа төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:

денетәрбия ҳәм спорт тараўында, соның ишинде, спорт биомеханикасы, физиологиясы, фармакологиясы ҳәм генетикасы бойынша фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық  изертлеўлер өткериў, олардың нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў;

халықтың жас өзгешелигинен келип шығып, физикалық раўажланыўы ҳәм физикалық таярлығын илимий тийкарда үйрениў ҳәм усыныслар ислеп шығыў;

спорт түрлери бойынша Өзбекстан сайланды командалары (жаслар, жас өспиримлер ҳәм үлкен жастағылар) ағзаларының және спорт-тәлим мәкемелериниң спортшы оқыўшы ҳәм студентлериниң физикалық раўажланыўы ҳәм таярлығы, функционал жағдайы, техникалық-тактикалық ҳәм психологиялық таярлығын илимий жақтан үйрениў, мониторинг етиў ҳәм келешегин белгилеў;

илимий-инновациялық жумыс нәтийжелериниң трансфери ҳәм оларды коммерцияластырыў, стартап жойбарларды енгизиў арқалы жаслар, илимпазлар ҳәм профессор-оқытыўшыларды денетәрбия ҳәм спорт тараўының илимий-техникалық машқалаларын шешиўге тартыў;

денетәрбия ҳәм спорт тараўындағы халықаралық ҳәм жергиликли шөлкемлердиң илимпазлары, қәнигелериниң қатнасыўында шеберлик сабақлары, семинар-тренинглер, дөгерек сәўбетлери, ушырасыўлар, сондай-ақ, илимий-әмелий конференциялар ҳәм әнжуманлар, таңлаўлар өткериў.

  1. Төмендегилер:

2022-2025-жыллары Денетәрбия ҳәм спорт илимий изертлеўлер институтының жумысын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери (индикаторлары) 6-қосымшаға муўапық;

Денетәрбия ҳәм спорт илимий изертлеўлер институтының жумысын және де жетилистириў бағдарламасы 7-қосымшаға муўапық;

Денетәрбия ҳәм спорт илимий изертлеўлер институты тәрепинен жаңа қолланба ҳәм технологияларды жаратыў ҳәм енгизиў жойбарларын әмелге асырыў бағдарламасы 8-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Бақлаў кеңеси (А.Икрамов) ҳәр бир мақсетли көрсеткишге (индикаторға) ерисиў бойынша зәрүр илажларды әмелге асырсын, өзиниң мәжилислеринде бул мәселени додалап барсын.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги ҳәм оның системасындағы мәкемелер Институттың жумыслары ҳәм хызметлери (товарлары) бойынша тийкарғы буйыртпашы болып есапланатуғыны;

спортты раўажландырыў министри, зәрүр жағдайларда, Институттың шөлкемлестириў структурасына хызметкерлердиң белгиленген улыўмалық штат бирлиги ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде өзгерислер киргизетуғыны;

Институт республикамыздағы барлық денетәрбия ҳәм спорт тараўындағы шөлкемлер ҳәм мәкемелер ушын базалық илимий-изертлеў шөлкеми болып есапланатуғыны, Бақлаў кеңеси ҳәм мәкемелер ушын базалық илимий-изертлеў шөлкеми болып есапланатуғыны, Бақлаў кеңеси (А.Икрамов) Институттың илимий жетискенликлери ҳәм инновациялық қолланбалары орынларда әмелиятқа жедел қолланылыўына жәрдемлесетуғыны;

Институт директоры спортты раўажландырыў министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан босатылатуғыны белгиленсин.

  1. Спортты раўажландырыў министрине:

Институт хызметкерлериниң лаўазым мийнет ҳақыларына (тариф ставкаларына) тийкарғы ийелеп турған лаўазымы бойынша, нызамшылық ҳүжжетлеринде көрсетилген басқа қосымшалар ҳәм үстемелерге қарамастан, Спортты раўажландырыў министрлигиниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан үстемелер белгилеў;

Институтты заманагөй илим-изертлеў лаборатория қурылмалары, әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў ушын халықаралық финанс институтлары ҳәм шөлкемлериниң грантлары, техникалық жәрдем ҳәм басқа да сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын тартыў;

Институт изертлеўшилери ҳәм қәнигелериниң сырт ел билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелеринде тәжирийбе алмасыў ҳәм стажировакадан өтиўи баҳасы және соның менен байланыслы қәрежетлер ушын төлемлерди әмелге асырыў ҳуқықы берилсин.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлигиниң 2023-2024-оқыў жылынан баслап Институтта «Спорт түриниң айрықша бағдарлары» магистратура қәнигелиги бойынша билимлендириў жумысын әмелге асырыў ҳаққындағы усынысы қоллап-қуўатлансын.

Онда, Институтқа студентлерди «Спорт түриниң айрықша бағдарлары» магистратура қәнигелигине қабыл етиў квоталары ҳәр жылы Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў процесслерин муўапықластырыў бойынша мәмлекетлик комиссия тәрепинен белгиленеди.

  1. 2023-жыл 1-январьдан баслап Институтта «Денетәрбия ҳәм спорт шынығыўлары теориясы ҳәм методикасы» қәнигелиги бойынша педагогика илимлери докторы (DSc) илимий дәрежесин бериўши Илимий кеңес шөлкемлестирилсин.
  2. Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Абдурахмонов) :

Институтта денетәрбия ҳәм спорт тараўының әҳмийетли бағдарларын үйрениў бойынша илимий-изертлеў жумысларына мәмлекетлик буйыртпа белгиленген тәртипте қәлиплестирилиўин;

илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде таңлаў ҳәм илимий экспертиза нәтийжелерине бола Институтқа грантлар ажыратылыўын;

2023-жылдың ақырына шекем Илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан Институттың илимий ҳәм инновациялық жойбарларын қаржыландырыў, сондай-ақ, лаборатория үскенелерин сатып алыў ушын қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Университет ҳәм оның филиаллары, Жоқары спорт шеберлиги институты ҳәм Институт жумысының нәтийжелилигин және де арттырыў мақсетинде Оқыў-илимий жәмийетшилиги шөлкемлестирилсин.

Оқыў-илимий жәмийетшилигинде Университет ҳәм оның филиаллары, Жоқары спорт шеберлиги, сондай-ақ, Институт профессор-оқытыўшылары ҳәм илимий хызметкерлери, спорт-билимлендириў мәкемелери, спорт федерация (ассоциация)лары ҳәм илимий-изертлеў институтларында нәтийжели жумыс алып барып атырған илимпазлар ҳәм экспертлер тәрепинен жаратылып атырған қолланбалар ҳәм методикалар тәжирийбеден өткерилетуғыны белгиленсин.

Спортты раўажландырыў министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте Оқыў-илимий жәмийетшилиги жумысын нәтийжели шөлкемлестирсин, соның ишинде:

спорт-билимлендириў мәкемелери, спорт федерация (ассоциация)лары ҳәм илимий-изертлеў институтларының қурамынан илимий-әмелий топар қәлиплестирсин;

илимий-әмелий топарды усы қарар менен тастыйықланып атырған жаңа қолланба ҳәм технологияларды жаратыў ҳәм енгизиў жойбарларын жүзеге шығарыўға тартсын.

  1. Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети және оның филиаллары, Жоқары спорт шеберлиги институты ҳәм Денетәрбия ҳәм спорт илимий изертлеўлер институтының оқытыўшылары менен илимий хызметкерлерин сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелерине философия докторы (PhD) илимий дәрежесин қорғаў ушын жибериў кестеси 9-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелерине философия докторы (PhD) илимий дәрежесин қорғаў ушын педагогикалық-илимий жумыс пенен шуғылланып атырған, магистрлик дәрежесине ийе болған қәбилетли ҳәм нәтийжели жумыс алып барып атырған хызметкерлер ашық таңлаў тийкарында жиберилетуғыны;

сырт ел билимлендириў мәкемелерине оқытыўшы ҳәм хызметкерлерди философия докторы (PhD) илимий дәрежесин қорғаў ушын жибериўге байланыслы қәрежетлер «Эл-юрт умиди» қорына сырт елде докторантурада билим алыў бағдарламаларын қаржыландырыў ушын ажыратылатуғын қаржылар есабынан қапланатуғыны белгиленсин.

Сыртқы ислер министрлиги (В.Норов) Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) менен биргеликте:

үш ай мүддетте усы қарарға 9-қосымшада көрсетилген сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен сөйлесиўлер өткерсин ҳәм басқа да шөлкемлестириў илажларын келиссин;

талабанлар сырт еллерге виза алыўында, консуллық есапқа алыныўында, нотариал ҳәм басқа хызметлер көрсетилиўинде, барған мәмлекетинде олардың оқыўын мониторинг етиўде әмелий жәрдем көрсетсин.

  1. Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Абдурахмонов) 2023-жыл 1-январьдан баслап илимий-изертлеў жумысларына мәмлекетлик буйыртпа талапларына муўапық өткерилетуғын таңлаўларда денетәрбия ҳәм спорт тараўына байланыслы, атап айтқанда, ғалабалық спорт, ҳаял-қызлар спорты ҳәм паралимпия спорт түрлерин раўажландырыў машқалаларына бағдарланған кеминде 10 мақсетли фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық жойбарларға грант қаржыларын ажыратсын. Жойбар атқарыўшылары грант жойбарларының изертлеўлеринен келип шығып ажыратылатуғын қаржылар есабынан илимий лаборатория базасын раўажландырыў, алдыңғы технологиялық үскенелер менен тәмийинлеў ҳәм тараўға байланыслы илимий-инновациялық изертлеўлерди кеңейтиў илажларын көрсин.
  2. Ташкент қаласы, Яшнобод районында 2025-жылы Жаслар арасында IV жазғы Азия ҳәм V Паразия ойынларын шөлкемлестириў ушын қурылып атырған Олимпиада қалашасына бул ойынлар өткерилгеннен соң Спортты раўажландырыў министрлиги, тийисли республикалық спорт федерация (ассоциация)лары және 2025-жылы өз жумысын баслайтуғын Өзбекстан мәмлекетлик спорт академиясы жайластырылсын.

Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2023-жыл 1-июльге шекем Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларын өткеретуғын сырт мәмлекетлер (Қытай, Россия, Корея ҳәм басқалар)диң алдыңғы тәжирийбесин үйренген ҳалда Өзбекстан мәмлекетлик спорт академиясының жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 10-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип спортты раўажландырыў министри А.И.Икрамов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи О.Қ.Абдурахмановқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 3-ноябрь