1-декабрьден баслап:
алтын ҳәм гүмиске кешиктирип төлеў ушын барлық банклер ҳәм экспортты хошаметлеў агентлигиниң кепилликлери қабыл етиледи;
кепиллик алыў имканияты жеке тәртиптеги зергерлер ушын да жаратылады;
алтын, гүмис ҳәм зергерлик ушын зәрүрли басқа да шийки затларды қайта ислеў ушын ўақытша алып кириў ҳәм алып шығыўда лицензия талабы бийкар етиледи; зергерлер пайдаланатуғын баҳалы ҳәм безеў таслары бажыхана төлемлеринен азат етиледи;
10 мың долларға шекемги зергерлик буйымларын сыртқа алып шығыўға рухсат етиледи (әмелде 5 мыңға шекем рухсат берилген).
Қарақалпақстан хабар агентлиги