Нызамшылық палатасында көрип шығылып атырған «Бәсеки ҳаққында»ғы жаңа нызам жойбарында:
Монополияға қарсы комплеанс институты киргизилмекте;
Үстин сөйлесиў күши институты киргизилмекте;
Мәмлекетлик жәрдем көринислери ҳәм оларды бериўге болған монополияға қарсы талаплар белгиленбекте
Мәмлекеттиң исбилерменлик жумысындағы қатнасына ҳәм мәмлекет қатнасындағы кәрханаларды шөлкемлестириўге байланыслы талаплар белгиленбекте.
Сондай-ақ, экономикада киши исбилерменлик субъектлериниң жумысында мәмлекетлик бақлаўды азайтыў мақсетинде:
товар айланысының көлеми БЕМниң 10 мың есесинен (3 миллиард сум) төмен болса Үстин статусқа ийе деп тән алмаў;
кәрханаларды қосып алыў, қосып жибериў ҳәм акция (үлеслерин) сатып алыў бойынша шәртнамаларға келисим алыў үлкен активке ийе кәрханалардан талап етиў енгизилмекте (келисим тәреплердиң жәми активи БЕМниң 500 мың есесинен – 150 миллиард сумнан асқан талапқа келисим бериледи. Алдын БЕМниң 100 мың есеси – 30 миллиард сум еди).
Қарақалпақстан хабар агентлиги