Самарқанд ўәлаяты ИИБ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының мәлим етиўинше, ўәлаяттағы көплеген автобусларға қағыйдабузарлықларды жазып баратуғын видеорегистратор үскенелери орнатылмақта.

Автобуслар бул үскенелер арқалы тоқтаў мүмкин болмаған орынлар – бәндиргидеги автомобильлерди, сондай-ақ, жоллардағы басқа да қағыйда бузылыў жағдайларын арнаўлы системаға орналастырып барады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги