Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 7-ноябрь күни жергиликли санаатты раўажландырыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Мәмлекетимизде исбилерменликке жаратылған шараятлар себепли аймақларда киши өндирислер көбеймекте. Адамлар жумыс пенен тәмийинленип, базарда өтимли өнимлер таярланбақта. Бирақ дүньядағы ҳәзирги қыйын жағдай, транспорт-логистикасындағы үзилислер бул тармаққа да тәсир етип атыр.
Усы жылдың 9 айында елимизде санаат 5,3 процентке өскен. Бирақ, 65 ири аймақлық кәрханада өндирис азайған. Мәмлекет тәрепинен қаржы ажыратылған болса да, 118 санаат зонасына елеге шекем инфраструктура алып барылмаған. Экспортта GSP+ имканиятынан жетерлише пайдаланылмай атыр.
Сын көзқарас руўхында болып өткен мәжилисте бундай кемшиликлер, тараўдағы әҳмийетли ўазыйпалар додаланды.
– Санаат тармақларының басшылары, ҳәкимлер бундай қыйын шараятта излениўи, ишки резервлерди иске қосып, усыныс ҳәм баслама көрсетиўи керек. Барлық мәселелерди өз күшимиз, мийнетимиз, умытылыўымыз бенен тек ғана өзимиз шешемиз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Турмыслық техника, гилем, мебель ислеп шығарыўшыларды кепилленген шийки зат пенен тәмийинлеў, аз қуўатлықта ислеп атырған кәрханаларға жәрдемлесиў бойынша көрсетпелер берилди.
Ҳәммемизге белгили, Өзбекстан өткен жылы Европа Аўқамының GSP+ атамасындағы кеңейтилген преференциялар системасына қабыл етилген еди. Оның шеңберинде 6 мың 200 ден аслам өним түрлерин Европа базарына жеңиллетилген шәртлерде экспорт етиў мүмкин. Оның ушын мәмлекетимиз тәрепинен транспорт қәрежетлерине 70 процентке шекем субсидия да берилмекте. Бирақ, тоқымашылық өнимлери экспортының 6 проценти, электр техникасының 3 проценти, жипек ҳәм азық-аўқаттың 1 проценти Европаға сатылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы жергиликли кәрханалардың халықаралық сертификатлар алып, сыртқы базарға шығыўына жәрдемлесиў зәрүр екенлигин атап өтти. Келеси жылы Европаға санаат экспортының көлемин 700 миллион долларға жеткериў имканияты бар екенлиги айтылды.
Жергиликли санаатың ең үлкен тармақларынан бири – тоқымашылық. Кейинги жыллары елимиз исбилерменлери бул бағдарды жақсы өзлестирди. Соған қарамастан, еле де шеттен алып келинип атырған өнимлер бар.
Соның ушын «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясына кеминде 50 түрдеги жаңа өнимлерди локализациялаў бойынша ўазыйпа қойылды. Бундай жойбарлар ушын коммерциялық банкелерге 100 миллион доллар, гилемшилик ушын 50 миллион доллар қаржы жайластырылады. Европа мәмлекетлери, Түркия, Египет, Марокашқа гезлеме ҳәм трикотаж гезлеме экспорты ушын транспорт қәрежетлериниң 70 проценти қаплап бериледи.
Улыўма, тоқымашылық тармағын жаңаланған пәтте раўажландырыў, келеси жылы 5 миллиард долларлықтан аслам экспорт етиў бойынша бағдарлама қабыл етиледи.
Және бир кең көлемли бағдар – қурылыс материалларын ислеп шығарыў. Бул тармақта өним түри де, жумыс орынлары да көп. Соның ушын Президентимиз бундай кәрханаларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған «санаат ипотекасы» бағдарламасын ислеп шығыў басламасын билдирди. Оған биринши басқышта 50 миллион доллар қаратылады, кредитлер 7 жыллық, 2 жыл жеңиллетилген дәўир менен бериледи.
Нөкис қаласы, Булақбасы, Қараўылбазар, Фориш, Чуст, Пахташы, Сариосиё, Өзбекстан районларында қурылыс материаллары индустриал зоналары, Ангрен қаласында шийше ыдыслар ҳәм сантехника буйымлары кластериниң шөлкемлестирилетуғыны айтылды.
Бул тармақта экспортты 1 миллиард долларға жеткериў мақсет етип қойылды.
Мебель ислеп шығарыў ҳәзирги күнде халық өнерментшилиги дәрежесине көтерилген. Бухара, Наманган, Самарқанд, Әндижан, Ферғана ҳәм Хорезмде 100 ге шамалас мәҳәлле соған қәнигелескен. Президентимиз өнерментлерге шараятларды кеңейтиў мақсетинде бул мәҳәллелердиң әтирапында мебель санааты орайларын шөлкемлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.
Мебель ислеп шығарыў ушын бажыхана жеңилликлериниң мүддетин 2024-жыл 1-январьға шекем создырыў, бул тармақтағы жойбарларды көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди.
Зергерликте де имканиятлар жүдә кең. Елимиздиң өзинде 300 миллион долларлық базар бар. Бул талапты арқайын жергиликли зергерлер қанаатландырыўы мүмкин. Соның ушын оларды қоллап-қуўатлаў ушын 1-декабрьден баслап, бир қатар жеңилликлер белгиленди.
Соның ишинде, алтын ҳәм гүмиске кешиктирип төлеў ушын барлық банклер ҳәм Экспортты хошаметлеў агентлиги кепилликлери қабыл етиледи. Бул имканият жеке тәртиптеги зергерлер ушын да бериледи. Зергерлик ушын зәрүр шийки затларды ўақтынша алып кириў ҳәм алып шығыўда лицензия талабы бийкар етиледи, баҳалы ҳәм безеў таслары бажыхана төлемлеринен азат етиледи.
Мәжилисте экспортты арттырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
– Келеси жылы экспортты қоллап-қуўатлаўды кеңейтемиз. Буннан былай, тармақларға субсидиялар экспорт көлемине қарап берилетуғын система болады. Бүгинги мәжилис нәтийжеси бойынша аймақлық санаатты раўажландырыў ушын қосымша 300 миллион доллар ҳәм 350 миллиард сум қаржы ажыратылады. Гөзленген шеклерге ерисилсе, келеси жылы қосымша 2 миллиард доллар экспортты тәмийинлеў мүмкин,-деди Президент.
Улыўма, келеси жылы 8 миллиард долларлықтан аслам аймақлық санаат өнимлерин экспорт етиў илажлары талланды. Өзбекстанның елшилерине сырт елден заманагөй технологиялар ҳәм инвестициялар тартыў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша санаат тармақларының басшылары, ҳәкимлер шығып сөйледи.
ӨзА