Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Ижара ҳуқықы тийкарында жасап атырған студентлер тәрепинен төленетуғын ижара төлемлерин қаплап бериў системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары шыққаннан кейин көпшилик пуқараларда, әсиресе студент-жаслар менен олардың ата-аналарында көплеген сораўлар пайда болмақта. Усы сораўларға, түсинбеўшиликлерге төмендеги мағлыўматларымыз жуўап болады, деген үмиттемизҮ
Бириншиден, жатақханада жайласпаған, ата-анасына тийисли болмаған үйде ижара ҳуқықы тийкарында жасайтуғын студентлерге олар тәрепинен төленетуғын айлық ижара төлеминиң 50 проценти ғана төлеп бериледи. Екиншиден, ҳәр бир жоқары оқыў орнының ижарада туратуғын студентлериниң тек 60 процентине усындай жәрдем көрсетиледи.
Үшиншиден, ижара төлеминиң бир бөлегин биринши гезекте мүтәж шаңарақлардың перзентлери, «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген, өрнек көрсеткен, белсенди студентлер ушын қаплап бериў нәзерде тутылады. Сондай-ақ, студент жоқары оқыў орынларының тек ғана күндизги тәлим бағдарында оқыйтуғын болыўы талап етиледи.
Қулласы, қарарда ижара ҳақысын төлеп бериў бойынша 12 критерия белгилеп берилген.
– Бүгинги күнде, әсиресе, төлемли-контракт тийкарында оқыйтуғын биринши курслар арасында машқалалар келип шықпақта, -дейди Самарқанд ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалының жаслар жетекшиси Артықбек Шерипбаев. – Төлемли-контрактиниң тек 25 процентин төлеген студентлерге Министрлер Кабинетиниң қарары бойынша жәрдем берилмейди. Бирақ, жақында 25 процентин төлегенлер студентлер қатарына қабыл етилип, олар ижарада туратуғын үйи менен сентябрь-октябрь айлары ушын шәртнама дүзсе, олардың да ижара ҳақысының 50 процентин төлеп бериўге руқсат алдық. Ал, ноябрь айында олардан комиссияға қайтадан ҳүжжет тапсырып, арза жазыў талап етиледи. Тийисли критерияларға сай келсе, студентке жыл даўамында усындай жәрдем бериледи. Бүгинги күнге шекем студентлер қатарына қабыл етилген ҳәм ижарашы менен шәртнама дүзген 23 биринши курс студентине төлеп берилди. Сондай-ақ, 50 ге шамалас жоқары курс студентлериниң ижара ҳақылары ҳеш қандай машқаласыз төлеп берилди.
М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.