Оған бола, келешекте ыссыхана хожалықларының тәбийғый газ бойынша төлемди өз ўақтында әмелге асырмағаны ушын 6 ай даўамында қосымша пеня төлемейди.

Қарарда келтириўинше, бул тәртип, бурынғысынан басқаша тәризде, 2022-жыл 1-октябрьден 2023-жыл 1-апрельге шекем әмел етеди.

Буннан тысқары, ыссыхана хожалықлары коммерциялық банклерден алған кредит ҳәм олардың процентлерин өним писип-жетилген дәўирде төлеп бериўи мүмкин болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги