Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-ноябрь күни елимизде рәсмий сапар менен болып турған Германия федерал сыртқы ислер министри Анналена Бербок басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Германия арасындағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша пикир алысылды.

Еки мәмлекет сыртқы сиясат уйымлары дәрежесинде нәтийжели алмасыўларды даўам еттириў, биргеликтеги исбилерменлик басламаларын ҳәм бизнес жойбарларды қоллап-қуўатлаў механизмлерин нәтийжели иске қосыў, мәдений-гуманитарлық илажларды өткериў зәрүрлиги атап өтилди.

Өз-ара саўда ҳәм инвестициялар көрсеткишлери өсип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Усы жылдың басынан товар алмасыў 45 процентке артты. Тартылған инвестициялардың көлеми жылдың ақырына барып 1 миллиард евроға шекем болады. Атап айтқанда, бүгинги күнде Өзбекстанда Германияның 200 ден аслам жетекши компаниялары табыслы жумыс алып бармақта.

Буннан тысқары, қаржы-техникалық бирге ислесиў, соның ишинде, «KfW» банки ҳәм Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети қатнасыўында кеңейип бармақта.

Сыртқы сиясий уйым басшылары Анналена Бербок Жаңа Өзбекстандағы демократиялық жаңаланыўлар ҳәм социаллық-экономикалық реформалар бағдарламасы Германия тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атырғаны және бир мәрте атап өтилди.

Тәреплер «жасыл» экономика, альтернатив энергетика, инновациялар, ресурсты үнемлейтуғын ҳәм экологиялық таза технологияларды қолланыў, алдыңғы билимлендириў методикаларын енгизиў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдан мәпдар екени атап өтилди.

ӨзА