2022-жыл 28-октябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Европа кеңеси Президенти Шарль Мишель ушырасыў өткерди.

Шын кеўилден ҳәм дослық руўхында өткен сөйлесиўлер даўамында Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Шарль Мишель соңғы жылларда Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы қатнасықлар сапа жағынан жаңа дәрежеге көтерилгени ҳәм кең көлемли көриниске ийе болғанын тастыйықлады.

Тәреплер Европа Аўқамының Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия арасындағы байланысларды ҳәм аймақлараралық бирге ислесиўди беккемлеўге умтылатуғынын қоллап-қуўатлады.

Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы қатнасықларға жаңа пәт бағышлаў ҳәм оларды буннан былай да тереңлестириў мақсетинде биргеликтеги ҳәрекетлерди әмелге асырыўға келисип алынды.

Еки тәреплеме ҳәм аймақлараралық бирге ислесиў ушын жаратылған қоспа механизмлер нәтийжели ислеп турғаны унамлы баҳаланды. Олардың потенциалы ҳәм имканиятларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде биргеликте ҳәрекет етиўге таярлық билдирилди.

Тәреплер Өзбекстан ҳәм Евроаўқам арасындағы қатнасықларда жаңа бет ашатуғын сиясат, экономика, қәўипсизлик ҳәм инсан капиталы бағдарларындағы мәселелердиң кең көлеми бойынша бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге дәслепки басқышта қол қойылғанын қоллап-қуўатлады.

Президентлер бул әҳмийетли ҳүжжетке имканы болғанынша тез ўақытта қол қойылатуғынына ҳәм ратификацияланатуғынына үмит билдирди.

Тәреплер халықаралық ислерде ҳәм еки тәреплеме қатнасықларда БМШтың Уставы ҳәм халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларына қатаң әмел етилетуғынын, бирге ислесиўди тең ҳуқықлылық, өз-ара түсинисиў ҳәм мәплерди өз-ара есапқа алыў принциплери тийкарында қоллап-қуўатлайтуғынын ҳәм раўажландыратуғынын атап өтти.

Евроаўқам тәрепи Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған реформалар сиясатын қатаң қоллап-қуўатлайтуғынына, олар турақлы болыўына ҳәм изге қайтпайтуғынына үмит билдирди.

Президентлер инсан ҳуқықлары, демократия ҳәм нызам үстинлиги тараўындағы конструктивлик сөйлесиў ҳәм жедел бирге ислесиўди жоқары баҳалады. Өзбекстан ҳәм ЕАның бул бойынша бирге ислесиўин беккемлеўге буннан былай да жәрдемлесетуғынына тәреплер қатаң умтылады.

Европа кеңеси Президенти Өзбекстан басшылығының гендер теңлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм балалардың ҳуқықлары менен мәлерин қоллап-қуўатлаў мәселелерине итибары артып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти және ЕА бул тараўлардағы жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыўға ҳәр тәреплеме жәрдемин даўам еттириўге таяр екенин билдирди. Европа Аўқамы инсан ҳуқықлары ҳәм тийкарғы еркинликлерин толық ҳүрмет етиў зәрүрлигин атап өтти.

ЕА компанияларынан Өзбекстанға тиккелей инвестициялар, ең жаңа технологиялар, алдыңғы тәжирийбе ҳәм жоқары стандартларды тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Президентлер Өзбекстан менен Евроаўқам арасында экономика, саўда ҳәм инвестициялар  тараўларындағы бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанын қоллап-қуўатлады. Өткен жылдың апрель айында Өзбекстанға «GSP+» системасының бенефициар мәмлекети статусы берилип, өзбек өнимлериниң кең номенклатурасы ЕА мәмлекетлерине бажысыз жеткерип берилиўине имканият жаратылғаны бул бағдарда әҳмийетли қәдем болды.

Тәреплер  ЕАның Орайлық Азия бойынша стратегиясы орынланыўын жеделлестириў мақсетинде биргеликте илаж көриў зәрүрлигине айрықша итибар қаратты және 2022-жыл 18-ноябрь күни Самарқанд қаласында «ЕА – Орайлық Азия» форматында өз-ара байланыслылық бойынша «Турақлы раўажланыў ушын «Глобал дәрўаза» конференциясының өткерилиўин қоллап-қуўатлады.

Өзбекстан тәрепи конференцияда бирге ислесиўдиң әҳмийетли тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша «жол картасы» қабыл етилиўин усыныс етиўге таяр.

Турақлы транспорт коридорларын жаратыў,  соның ишинде, Транскаспий мультимодал маршрутты раўажландырыў өз-ара саўданы көбейтиў ушын системалы фактор сыпатында белгиленди.

Президентлер портлардың қуўатлыларын кеңейтиў, паром ҳәм темир жол парклерин кеңейтиў, бажыхана тәртип-қағыйдларын сәйкеслендириў, жүклер менен ислесиў ҳәм шегаралардан өтиў ушын санлы шешимлерди енгизиў зәрүрлигин атап өтти. Бундай жойбарларды әмелге асырыў ЕАның «Глобал дәрўаза» басламасының мақсет ҳәм ўазыйпаларына толық сәйкес болып табылады.

Өзбекстан тәрепи өз-ара байланыслылықты тереңлестириўге хызмет ететуғын «Термиз – Мозари-Шариф – Қабул – Пешавар» темир жолын қурыў зәрүрлигин атап өтти.

Өзбекстан тәрепи сырт ел, соның ишинде, ЕА компанияларының тиккелей инвестицияларын тартыў ушын зәрүр шараятлар жаратыўға таяр екенин билдирди.

Тәреплер Өзбекстан ушын 2021-2027-жылларға мөлшерленген ЕАның финанслық-техникалық жәрдемине көп жыллық индикатив бағдарлама тастыйықланғанын ҳәм әмелге асырыла басланғанын қоллап-қуўатлады.

Олар санластырыў, «жасыл» экономика, энергетикалық нәтийжелилик ҳәм суўдан пайдаланыў тараўларында өз-ара пайдалы бирге ислесиў ушын қолда бар потенциалдан пайдаланыў, соның ишинде, Европаның алдыңғы тәжирийбесин енгизиў ҳәм бул тараўларда бирликтеги жойбарларды әмелге асырыў зәрүрлигин атап өтти.

Өзбекстанның суў-экология мәселелери, соның ишинде, БМШтың Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көпшериклик Траст фондын шөлкемлестириў бойынша басламаларын бәрқулла қоллап-қуўатлап атырғаны ушын Евроаўқамға миннетдаршылық билдирилди. Оның жумысын даўам еттириў зәрүрлиги бағдарында тәреплердиң пикири уқсас.

Билимлендириў ҳәм илим тараўындағы бирге ислесиўди, соның ишинде, «Erasmus+» 81м «Horizon Europe» бағдарламаларының потенциалынан пайдалана отырып тереңлестириў әҳмийетли екени атап өтилди. Тәреплер кәсиплик билимлендириў бойынша «DARYA» биринши регионаллық жойбардың әмелге асырылыўын қоллап-қуўатлады.

Өзбекстан тәрепи 2023-жылы Өзбекстанда «ЕА-Орайлық Азия» биринши туризм форумын өткериўди усыныс етти.

Регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Орайлық Азияда өз-ара байланыслылықты беккемлеў, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бағдарындағы биргеликтеги ҳәрекетлерди даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.

Усы мәниде, Аўғанстанның регионаллық ҳәм халықаралық қәўипсизликке даўамлы қәўип-қәтерлер дәреклерине айланыўына жол қоймаў зәрүрлиги атап өтилди.

Қыс дәўиринде жақынласып киятырған гуманитарлық апатшылықтың алдын алыў, соның ишинде, аўған халқына гуманитарлық жәрдем көрсетиў қәўетерлениў оятып атырған биринши гезектеги мәселе сыпатында атап өтти.

Тәреплердиң өз-ара миннетлемелерин орынлаў алгоритмин тез арада келисиў мақсетинде Өзбекстан тәрепи өзиниң Аўғанстан ўақытша ҳүкимети менен сөйлесиўлер алып барыў ушын халықаралық топар дүзиў басламасын айрықша атап өтти.

Узақ мүддетли турақлылыққа ерисиў ушын Аўғанстанда инклюзив процессти және инсан, соның ишинде, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын тәмийинлеў зәрүрлиги бойынша уқсас пикирлер билдирилди.

Жуўмағында Президентлер Өзбекстан ҳәм ЕА арасындағы ашық ҳәм конструктивлик сөйлесиўди ҳәм шерикликти беккемлеўге, сондай-ақ, Орайлық Азияны тынышлық, қәўипсизлик, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыў регионына айландырыў мақсетинде жақын қоңсышылық, өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм халықаралық ҳуқықтың тийкарғы нормаларына әмел етиў принциплери тийкарында регионаллық кооперация ҳәм өз-ара байланыслылықты буннан былай да кеңейтиўге жәрдемлесиўге умтылыслары исенимли екенин және бир мәрте тастыйықлады.

ӨзА