Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-октябрь күни Астана қаласында «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммитине қатнасты.

Илажда Европа кеңесиниң Президенти Шарль Мишель, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳман ҳәм Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Хожамират Гелдимиратов та қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, сиясий сөйлесиўди раўажландырыў, аймақлараралық байланысларды кеңейтиў, саўда-экономикалық бирге ислесиў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў перспективалары додаланды.

Президент Шавкат Мирзиёев өз сөзинде жаңа Өзбекстандағы артқа қайтпайтуғын түрге енген реформалардың тийкарғы баслы ўазыйпасы нәтийжели жумыс алып баратуғын базар механизмлерине, жоқары турмыс дәрежеси ҳәм қолайлы турмыс шараятларына ийе күшли ҳуқықый мәмлекетти қурыўдан ибарат екенин атап өтти.

-Биз ерискен табысларымыз бенен шекленбеймиз ҳәм жаңа өзгерислердиң көлемин буннан былай да кеңейтиўди өз алдымызға мақсет етип қойғанбыз. Бул жерде сөз, бәринен бурын, нызамның сөзсиз үстинлиги, пуқаралық жәмийети институтларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, инсан ҳуқықларын ҳәм гендер теңлигин, сөз ҳәм исеним еркинлигин тәмийинлеў ҳаққында бармақта, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Экономикалық тараўда буннан кейин де исбилерменлер ушын ең қолайлы шараятларды жаратыў, коррупцияға қарсы маўасасыз гүресиў, бәсеки ҳәм инновациялық бизнес орталығының раўажланыўын хошаметлеў даўам еттирилетуғыны атап өтилди.

Жақын қоңсышылық ҳәм регионаллық шерикликти алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Шавкат Мирзиёев атап өткениндей, «биргеликтеги ҳәрекетлердиң нәтийжесинде Орайлық Азияда пүткиллей жаңа сиясий орталық жүзеге келди. Бир неше он жыллар даўамында жыйналып қалған, шешилиўине ҳеш ким исенбей қойған көплеген машқалалар бир неше жыл даўамында сапластырылды».

Бүгин жағдай түп-тийкарынан өзгерди. Визасыз режим енгизилди, барлық өткериў пунктлери ашылды. Авиақатнаўлар ҳәм жер транспортында тасыўлар көбейди.

Кооперациялық байланыслар күшейип бармақта, ири жойбарларды әмелге асырыў ушын инвестиция компаниялары ҳәм басқа да қаржы қуралларының жумысы жолға қойылды.

– Әлбетте, регионда еле де өз шешимин таппаған мәселелер бар. Бирақ бизиң күшли сиясий ерк-ықрарымыз ҳәм улыўма дөретиўшилик руўхы региондағы туўысқан мәмлекетлер ҳәм халықларды буннан былай да жақынластырыўға хызмет ететуғынына беккем исенемен, – деди Өзбекстан жетекшиси.

Регионымыздың Европа Аўқамы менен бирге ислесиўин избе-из тереңлестириўге шақырып, Президентимиз бул бағдарда бир қатар әҳмийетли бағдарларды көрсетип өтти.

Бәринен бурын, саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы комплексли мәселелерди шешиў зәрүр. Олар:

– санаат  өнимлеримиздиң Европаның жоқары стандартлары ҳәм техникалық регламентлерине муўапықлығын тәмийинлеў;

– ҳәзирги жүзеге келген шеклеўлерди есапқа алған ҳалда ЕА базарларына шығыў ушын ең мақул нәтийжели транспорт-логистика коридорларын жаратыў, бәринен бурын, Транскаспий мультимодал маршрутын раўажландырыў;

– европалы тутыныўшылар арасында Орайлық Азия мәмлекетлери өнимлериниң танылыўы ҳәм өтимли болыўы ушын маркетинг изерлеўлерин және мақсетли илажлар менен акциялар өткериў;

– Европаның инвестициялары ҳәм технологияларына болған үлкен талапты қанаатландырыў.

Бул мәселелерди системалы түрде шешиўге Шавкат Мирзиёев Бас министрдиң орынбасарлары дәрежесинде «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» экономикалық бирге ислесиў комитетин шешиў және «Global Gateway» басламасының мақсет ҳәм ўазыйпаларын қамтып алған ҳалда Саўда-экономикалық бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм өз-ара транспорт-коммуникациялық байланыслылықты раўажландырыў бойынша узақ мүддетли стратегиялық бағдарлама ислеп шығыўды усыныс етти.

Буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысы Европа тәрепин регионымызда қабыл етилген «Жасыл күн тәртиби» бағдарламасын әмелге асырыўда белсене қатнасыўға, соның ишинде, эко-инновациялар, энергия  ҳәм ресурс үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў, экономика тармақларын санластырыў, «Smart-AKIS» Европа тармағы жәрдеминде «ақыллы» аўыл хожалығын раўажландырыў, қайта тикленетуғын энергия дәреклериниң имканиятларын иске қосыўға шақырды.

Гуманитарлық тараўда бирге ислесиўди билимлендириў ҳәм инновациялар алмасыўлары, мәдений ҳәм туристлик байланыслар сыяқлы бағдарларда жеделлестириў зәрүрлиги көрсетип өтилди.

«Эразмус плюс» ҳәм «Горизонт Европа» бағдарламалары шеңберинде билимлендириў бойынша Европаның алдыңғы методикаларын енгизиў жойбарын әмелге асырыў, биргеликтеги фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлерди өткериўди шөлкемлестириў усыныс етилди.

Европалы шериклерди регионымыз халықларының бийбаҳа тарийхый мийрасы, бай мәденияты ҳәм дәстүрлери менен кеңнен таныстырыў мақсетинде ноябрь айының екинши ярымында Париждиң Лувр музейинде ири көргизбе шөлкемлестириў режелестирилген.

– Бундай илажларды ҳәр жылы – Европа мәмлекетлериниң пайтахтларында ҳәм мәденият орайларында биргеликте өткерип барыўдың тәрепдарымыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы  туризм тараўында үлкен потенциал бар екенин атап өтип, келеси жылы Хийўа қаласында өткерилетуғын «ЕА – Орайлық Азия» биринши туризм форумы шеңберинде Европаның жетекши операторларының итибарына Улыўма регионаллық туризм өнимлери концепциясын усыныўды усыныс етти.

Өзбекстан Президенти регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдары екенин атап өтти. Ол Европа Аўқамының терроризм, радикализм ҳәм экстремизм, шөлкемлескен жынаятшылық, наркотрафик ҳәм басқа да улыўма қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша бирликтеги бағдарламалары шеңбериндеги әмелий жәрдемин жоқары баҳалады.

Халықаралық әмелияттан келип шығып, мәлимлеме алмасыў ҳәм заманагөй қәўип-қәтерлерге биргеликте қарсы гүресиў ушын арнаўлы хызметлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары арасында бирге ислесиўди жолға қойыў усыныс етилди.

Тәреплердиң Аўғанстан мәселесиндеги қәўетерлери менен тәшўишлери уқсас екени атап өтилди.

Өзбекстан турақлы түрде аўған халқына гуманитарлық жәрдем көрсетип келмекте, электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм азық-аўқат жеткерип бериўди даўам еттирмекте, мәмлекетимиз арқалы Аўғанстанға жүклер транзити тоқтамай атыр.

Шегарада жайласқан Термиз қаласындағы логистика ҳәм билимлендириў хабларының потенциалынан пайдаланыўда европалы шериклер менен нәтийжели бирге ислесиўди даўам еттириўге таярлық билдирилди.

Президентимиз глобаллық ҳәм регионаллық жағдай түп-тийкарынан өзгергенин атап өтип, бул жағдай бүгинги күнде Орайлық Азиядағы интеграцияласыў процессиниң европалы шериклер тәрепинен жедел қоллап-қуўатланыўын талап етип атырғанын айрықша атап өтти.

Усы мүнәсибет пенен Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша жаңаланған стратегиясы орынланыўын жеделлестириў ҳәм шерикликти беккемлеў мақсетинде көп тәреплеме программалық ҳүжжет – «Жол картасы»н қабыл етиў имканиятын көрип шығыў усыныс етилди.

Бул барлық мәселелер келеси айда Самарқандта болып өтетуғын министрлердиң Өз-ара байланыслылық бойынша қоспа әнжуманы даўамында ҳәр тәреплеме көрип шығарылатуғынына исеним билдирилди.

Президентимиз сөзиниң жуўмағында Өзбекстан мәмлекетлеримиздиң турақлы раўажланыўы, абаданлығы жолында «орайлық Азия – Европа Аўқамы» форматындағы ашық, системалы ҳәм нәтийжели қарым-қатнастың тәрепдары екенин және бир мәрте атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев саммит көлеминде Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен ушырасты.

Өзбекстан – Қазақстан жақын қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Еки тәреплеме бирге ислесиўдиң баслы бағдарларында әмелий байланысларды кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди

Товар алмасыўды көбейтиў, санаат, энергетика, транспорт ҳәм логистика, аўыл хожалығы тараўларында, экономиканың басқа да тармақларында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўдың перспективаларына айрықша итибар қаратылды.

Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысылды. 11-ноябрь күни Самарқанд қаласында өткерилетуғын Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитиниң күн тәртиби додаланды.

Соның менен Өзбекстан Президентиниң Қазақстанға әмелий сапары жуўмақланды.

ӨзА