АҚШ Қытай үстинен стратегиялық бәсекилик шеңберинде жеңип шығыў нийетинде, деп баянат берди кеше Ақ үй миллий қәўипсизлик кеңесиниң стратегиялық байланыслар бойынша координаторы Жон Кирби.
«Бул стратегиялық бәсеки болып, президент исенгениндей, Қурама Штатлар жеңип шыға алады. Бул сондай-ақ, Ҳинд – Тыныш океаны регионы ушын да анық қәўип туўдырады ҳәм биз буған таярмыз», – деди ол брифингте.
Кирбидиң қосымша етиўинше, АҚШ Қытай менен еки мәмлекет бирге ислесе алады, соның ишинде, климат өзгериўи бойынша да улыўма мәплер бар екенине исенеди.
Сәршемби күни Қытай сыртқы ислер министрлигиниң рәсмий ўәкили Ван Вэньбинь Қытай АҚШты гөнерип кеткен Қытай қәўипи теориясын тарқатыўды тоқтатып, оның орнына ашық-айдынлық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа концепциясына өтиў менен шуғылланыўға шақырған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги