Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Халық ҳәм медицина шөлкемлериниң сапалы дәри қураллары және медициналық буйымлар менен тәмийинлениў дәрежесин арттырыў, тараўда тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды алып барыў ушын шараятлар жаратыў, сондай-ақ, 2022-жыл 18-март күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң денсаўлықты сақлаў тараўы ўәкиллери менен «Медицинадағы реформалар – инсан қәдири ушын» темасындағы ашық сөйлесиўи шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2023-жыл 1-январьдан баслап:

а) 1-қосымшаға муўапық дизимде белгиленген дәри қуралларынан тысқары барлық жаңа дәри қураллары:

клиникалық изертлеўлердиң унамлы нәтийжеси тийкарында мәмлекетлик дизимнен өткериледи. Онда, айрықша дәри қуралларын клиникалық изертлеўлерсиз мәмлекетлик дизимнен өткериў Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленген тәртипке муўапық әмелге асырылады;

орынларға шыққан ҳалда өндирислик жағдайлардың «Зәрүр өндирислик әмелият – GMP» талапларына муўапықлығы үйренилгенинен соң Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик дизимнен өткериледи;

б) төмендегилер бийкар етиледи;

рецептсиз берилетуғын дәри қуралларының дизимин Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықлаў. Онда, дәри қуралларының рецепт бойынша ҳәм рецептсиз берилиўи олардың медицинада қолланылыўына байланыслы инструкцияларда белгиленген тәртипте әмелге асырылады;

дәри элементлерин (субстанцияларды) мәмлекетлик дизимнен өткериў;

Өзбекстан Республикасынан тысқарыда әмелге асырылған дәри қуралларының дизимнен өткериў нәтийжелерин тән алыўда стандарт үлгилерин талап етиў;

в) Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры арқалы қаржыландырылатуғын республика дәрежесиндеги мәмлекетлик стационар медицина мәкемелеринде (кейинги орынларда – емлеўханалар) наўқасларды  дәри қураллары ҳәм медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў емлеўхана арқалы әмелге асырылады. Онда, айрықша жағдайларда емлеўханада наўқаслар тәрепинен алып келинген дәри қураллары ҳәм медициналық әсбап-үскенелерди пайдаланыўға руқсат бериў тәртиби Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленеди.

  1. а) наўқасларды емлеўханада дәри қураллары ҳәм медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў:

дәслеп республика дәрежесиндеги емлеўханаларда 2023-жыл даўамында тәжирийбе-сынақ тәризинде әмелге асырылатуғыны;

оларға қәрежетлер сметасы бойынша ажыратылыўы нәзерде тутылған қаржылар есабынан кепилленген медициналық хызметлер ҳәм дәри қураллары пакети шеңберинде сатып алынатуғын дәри қураллары ҳәм мәдициналық әсбап-үскенелер бийпул, қалған жағдайларда төлемли тийкарда емлеўханаға кирис етилген баҳаларда әмелге асырылатуғыны. Онда, емлеўхана тәрепинен сатып алынатуғын дәри қуралларының баҳасы белгиленген көтере референт баҳаларынан жоқары болмаўы зәрүр екенлиги;

б) 2023-жыл 1-июльден баслап референт баҳалары көрсетилмеген ямаса көрсетилген баҳадан жоқары болған дәри қуралларын сертификатластырыў қадаған етилетуғыны белгиленсин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги 2022-жылдың ақырына шекем:

а) 2025-жыл 1-январьға шекемги мүддетте мәмлекетлик дизимнен өткерместен мәжбүрий сертификатластырыў шәрти менен медицина әмелиятында қолланыў ҳәм киргизиўге руқсат берилетуғын, Өзбекстан Республикасында мә млекетлик дизимнен өткерилген аналоглары жоқ болған дәри қураллары ҳәм медициналық әсбап-үскенелер дизимин тастыйықласын. Онда, усы дәри қураллары ҳәм медициналық әсбап-үскенелер олардың Өзбекстан Республикасында аналоглары мәмлекетлик дизимнен өткерилген күннен баслап үш ай мүддетте Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланған дизимнен шығаралыўы керек;

б) наўқасларды емлеў ушын талап етилетуғын дәри қураллары ҳәм медициналық әсбап-үскенелердиң толық емлеўхана тәрепинен сатып алынатуғынын есапқа алып:

емлеўханаларда дәри қураллары ҳәм медициналық әсбап-үскенелер сатып алыныўы бойынша қәниге лаўазымының енгизилиўин;

емлеўханалар тәрепинен басланғыш зәрүр болатуғын резервтиң Мәмлекетлик бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылар есабынан қәлиплестирилиўин тәмийинлесин:

в) Мәмлекетлик бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылар есабынан сатып алынған дәри қураллары ҳәм медициналық әсбап-үскенелердиң күнлик қалдығы және баҳалары дәреклер кесиминде емлеўханалардың рәсмий веб-сайтларында жайластырылыўын ҳәм турақлы жаңалап барылыўын тәмийинлесин.

  1. Емлеўханалар тәрепинен дәри қураллары ҳәм медициналық әсбап-үскенелердиң сатып алыныўы ушын төлемлер бюджет системасы бюджетлери қәрежетлери бөлистирилиўиниң I топар қәрежетлери ушын белгиленген мүддетлерде де әмелге асырылыўына руқсат берилсин.

Қаржы министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийкарланған есап-санақларына муўапық емлеўханаларды дәри қураллары ҳәм медициналық әсбап-үскенелер менен үзликсиз тәмийинлеў ушын талап етилетуғын зәрүр қаржылар ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.

  1. Дәри қуралларының усақлап сатыў саўдасына жәмийетлик қадағалаўды енгизиў мақсетинде 2023-жыл 1-майдан баслап:

физикалық тәреплерден сатып алынған дәри қураллары ушын дәриханалар тәрепинен берилетуғын сатып алыў чекиниң фискал белгиси матрицалы штрих код (14-код) жәрдеминде сканерлеў арқалы салық уйымларының арнаўлы мобиль қосымшасында дизимнен өткерилгенде дәри қуралларының баҳалары Фармецевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң мәлимлеме системасындағы дәри қуралларының усақлап сатыў референт баҳалары менен автоматикалық түрде салыстырылатуғыны;

матрицалы штрих код (14-код) жәрдеминде сканерлеў нәтийжесинде дәри қуралларының усақлап сатыў баҳаларына белгиленген үстемелер арттырып қолланылғанылығы анықланған жағдайда, тийисли илаж көриў ушын бул ҳаққында тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ушын арнаўлы ўәкиллик берилген мәмлекетлик уйымға автоматикалық түрде хабар жиберилетуғыны;

сатып алыў чеки бойынша баҳа дәри қуралының усақлап сатыў референт баҳасынан артық деп табылғанда, усы мағлыўмат тийкарында өткерилген тексериў жуўмағына бола ҳуқықбузардан белгиленген тәртипте жәрийма өндирилетуғыны.

Онда, сатып алыў чекинде сатып алынған дәри қураллары ҳәм медициналық әсбап-үскенелердиң толық муғдарда көрсетилмеўине саўда ямаса хызмет көрсетиў қағыйдалары ҳаққындағы нызамшылықты бузыў сыпатында тән алынатуғыны белгиленсин.

  1. Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги 2023-жыл 1-мартқа шекем агентликтиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан дәри қуралларының ислеп шығарылыўынан баслап олардың тутыныў нәтийжесине шекем болған процесслерди нәзерде тутатуғын Фармацевтика өнимлериниң есабы ҳәм қадағалаў мәлимлеме системасын енгизсин.

Мәпдар министрлик ҳәм уйымлар 2-қосымшаға муўапық тастыйықланған мағлыўматлардың Фармецевтика өнимлериниң есабы ҳәм қадағалаў мәлимлеме системасына интеграцияланыўын тәмийинлесин.

  1. Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги менен биргеликте:

2022-жылдың ақырына шекем биологиялық актив қосымшаларды мәмлекетлик дизимнен өткериўде олардың қәўипсизлиги ҳәм қурамын қадағалаўдан өткериў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;

2023-жыл 1-июньға шекем Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик дизимнен өткерилген дәри қуралларының медицинада қолланылыўына байланыслы инструкция және биологиялық актив қосымшалардың электрон каталогын ислеп шықсын ҳәм өзлериниң рәсмий сайтларына жайластырсын.

  1. Есап палатасы Бас прокуратура менен биргеликте усы қарарда белгиленген ўазыйпалардың толық ҳәм сапалы орынланыўы бойынша турақлы қадағалаў орнатсын ҳәм ҳәр ярым жылда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизип барсын.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

бир ай мүддетте биологиялық актив қосымшалар, азық-аўқат қосымшалары, биологиялық қураллар ҳәм материалларды сырттан алып келиў ҳәм ислеп шығарыўға Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы руқсатнама бериў тәртибин нәзерде тутатуғын қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

еки ай мүддетте «Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы ҳәм «Дәри қураллары ҳәм фармацевтика жумысы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамларына Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен рецептсиз берилетуғын дәри қуралларының дизимин тастыйықлаў және дәри элементлерин (субстанцияларды) мәмлекетлик дизимнен өткериўди нәзерде тутатуғын норманы бийкарлаў бойынша өзгерислер киргизиўге байланыслы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

үш ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Халықты сапалы дәри қураллары менен тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў бойынша «жол картасы» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине 4-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлетириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри Б.А.Мусаев белгиленсин.

Қарардың орынланыўын қадағалаў ҳәм орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Тўйчиевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 26-октябрь