Кеше футбол бойынша Европа чемпионлар лигасының «В», «С» ҳәм «D» топарларында 5-тур ойынлары болып өтти.

«C» топарында плей-офф жолламасы ушын гүрес жүргизип атырған «Интер» өз майданында «Виктория»ны  қабыллап, 4: 0 есабында жеңиске еристи ҳәм келеси басқыш жолламасын қолға киргизди.

Ал, турнир фаворитлеринен бири  «Барселона» болса әзелий қарсыласларының бири «Бавария» менен күш сынасып, күтилмегенде ири есапта жеңилиске ушырады. Есап 0:3 ҳәм «Барселона» ендиги жағында Европа лигасында ойнайтуғын болды.

«В» топарында жетекшилик ушын өз-ара беллесиў алып барып атырған «Порту» өз майданында Бельгияның «Брюгге»си менен ушырасып, 4:0 есабында жеңиске еристи. Бул ойында иранлы Меҳди Тареми еки гол урыўға миясар болды.

Бул ойыннан соң  «Брюгге» 10 упай менен 1-орынды,  «Порту» болса, 9 упай менен 2-орынды ийелеп келеси басқыш жолламасын қолға киргизди.

Англияның «Тоттенхэм» клубы болса Португалияның  «Спортинг»и  менен ойынға түсип, 1:1 есабындағы нәтийжени көрсетти.

Ал, Германияның «Айнтрахт» клубы  «Марсель» футболшылары менен ушырасып, 2:1 есабында жеңиске еристи.

Футбол жанкүйерлери ушын қызық тәрепи сонда, бул топарда «Тоттенхэм» 8 упай менен топарда жетекшилик етип киятырған болса, «Спортинг» ҳәм «Айнтрахт» 7 упай менен 2-3-орынларды ийелеп тур.

Ең соңғы орында киятырған «Марсель» клубында да келеси басқыш жолламасын қолға киргизиў имканияты бар. Француз клубы есабында ақырғы тур алдынан 6 упай бар.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.