Елимизде Жаңа Өзбекстанды қурыў мақсетинде турмысымыздың барлық тараўларын еркинлестириў, экономика ҳәм оның тармақларын, жеке исбилерменликти раўажландырыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Бунда Өзбекстанның раўажланыў жолын белгилеп бериўши Раўажланыў стратегиясы әҳмийетли орын тутады. Усы стратегияде белгиленген ўазыйпалар ҳәм «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында көплеген жумыслар әмелге  асырылмақта.

Атап айтқанда, жыл басында районда жол қурылысында 81 км аралыққа шағыл тас төсеў, 6,7 км ишки жолларды асфальтлаў, 12,5 км аралыққа цемент-бетон төсеў, 8,1 км аралықтағы пиядалар жолын қурыў режелестирилип, буның ушын 31 млрд, 150 млн сумлық қаржы ажыратылған.

Соның менен бирге, аймақта 1 суў бөлистириўши станцияны реконструкциялаў, 17 км аралыққа ишимлик суў тармақларын тартыў, 142,5 км аралықтағы электр энергиясы линиялары оңланып, 17 трансформаторлар жаңасына алмастырылды. Халықтың жасаў шараятларын жақсылаў бойынша республика бюджетинен 2 мәҳәллеге жәми 4 млрд сум қаржы ажыратылды.

Соның менен бирге, өткен 8 ай даўамында районда 2 мектеп оңланып, 2 мектептиң 40 орынлық филиалы қурылып ҳәм бир орында 120 орынлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси жаңадан бой тиклемекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев халықтың абадан турмысын тәмийинлеў ҳәм районның социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Беруний районында болды.

Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы Беруний районындағы “Жайҳун” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 53-санлы балалар бақшасын капитал оңлаў ҳәм “Бостан” МПЖ да жайласқан 120 орынлық балалар бақшасын жаңадан қурыў жумыслары менен жақыннан танысып, қурылыс жумысларын қадағалаў ҳәм өз ўақтында жуўмақланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берди.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев барлық министрлик, комитет, басқарма, шөлкем басшылары ҳәм райондағы  мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерлердиң баслықлары сондай-ақ, белсендилер, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары қатнасыўында мәжилис өткерди.

Республикамыз районларында өткерилип атырған ушырасыў ҳәм мәжилислердиң тийкарғы мақсети – пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў ҳәмде халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге қаратылған болып, бундай ушырасыўлар еле де даўам еттирилетуғынлығы республикамыз басшысы тәрепинен атап өтилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы районның социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў, соның менен бирге, халық ийгилиги жолында әмелге асырылып атырған басламалар, мәмлекетлик реформалардың орынланыўы менен байланыслы ис-илажларды атап өтип, бул бағдарда ушырасып атырған кемшиликлерге тоқтап өтти.

Өткерилген мәжилисте мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар бойынша финанслық қәте-кемшиликлерге жол қойылып, мақсетсиз жумсалып атырғанлығы ҳәм жеңиллетилген кредитлер мүтәж пуқараларға берилместен, мәнзилсиз жумсалған жағдайлары анықланғанлығы, сондай-ақ, бюджет қаржыларын талан-тараж етиў, есабатларға қосып жазыўлар сыяқлы унамсыз жағдайлар көп ушырасып атырғанлығы атап өтилди.

Мәжилисте жеңиллетилген кредитлерди мақсетсиз жумсап жибериў, талан-таражлыққа жол қойыў, ҳақыйқый мүтәж адамлар қалып, ажыратылған пулларды мәнзилсиз жумсаў жағдайлары тиккелей ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырғаны қатаң сынға алынды.

Соның менен бирге банк-финанслық қатнасыклардағы қәте-кемшиликлер, субсидияларды өзлестирип жибериў жағдайлары ушырасып атырғанлығы, денсаўлық, социаллық қоллап-қуўатлаў, билимлендириў, қурылыс, аўыл хожалығы сыяқлы бир қатар тараўлардағы кемшиликлер, пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиўдиң де қанаатландырарсыз екенлиги, мәмлекетлик ҳәм инвестициалық бағдарламалар шеңбериндеги жумысларда артта қалыўшылықлар ушырасып атырғанлығы атап өтилип, тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, мәжилисте быйыл жыл ақырына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге жәми 18,5 млрд. сўмлық қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилип, берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң юридика бөлими баслығы Алишер Атажановты Беруний районына жуўапкер етип бекитти.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.