Президент Шавкат Мирзиёев Түркияның Бартин провинциясында көмир кәнинде жүз берген жарылыў ақыбетинде көплеген инсанлардың қайтыс болғаны мүнәсибети менен Президент Режеп Таййип Эрдоғанға кеўил билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына жыллы сөзлерин билдирип, жарақатланған кәншилердиң тез ўақыт ишинде тәўир болып кетиўин тиледи.

Еслетип өтемиз, 14-октябрь күни Түркияның Бартин ўәлаятындағы Амасра қаласындағы көмир кәнинде жарылыў жүз берди. Мағлыўматларға бола, ҳәдийседе қайтыс болғанлардың саны 25 тен асқан, 40 қа шамалас адам жәбирленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги