Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Усы жылдың 22-август күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық форматтағы сөйлесиўи шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, «бажыхана аймағында қайта ислеў» бажыхана режимин буннан былай да әпиўайыластырыў, санаат кәрханаларының шийки зат тәмийнатын жақсылаў мақсетинде:

  1. 2025-жыл 1-январьға шекем 1-қосымшаға муўапық шийки зат ҳәм ярым таяр өнимлерге импорт бажыхана бажы нольлик ставкада қолланылсын.
  2. «Бажыхана аймағында қайта ислеў» бажыхана режими шеңберинде барлық сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларына бажыхана төлемлериниң төлениўин тәмийинлеў талабы бийкар етилетуғыны белгиленсин.
  3. Өзбекстан Республикасы аймағына импорт етиўде бажыхана бажысы ҳәм қосымша қун салығынан азат етилетуғын, уқсасы республикада ислеп шығарылмайтуғын технологиялық әсбап-үскенелер дизимине 2-қосымшаға муўапық технологиялық әсбап-үскенелер киргизилсин.
  4. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң 2023-жыл 1-январьдан баслап:

әсбап-үскенелер (қурылмалар, аўысық ҳәм комплектлеўши бөлеклер) сатып алыў (сатыў) бойынша шәртнамада (контрактта) оларды монтажлаў ҳәм (ямаса) иске қосыў-оңлаў хызметлери, хызметкерлерди оқытыў хызметлери ҳәм басқа да усындай хызметлер баҳасы өз алдына көрсетилмеген жағдайларда резидент емеслердиң салық салынатуғын дәраматын усы хызметлердиң базар баҳасынан келип шығып есаплаў ҳаққындағы;

бул түрдеги шәртнамалар (контрактлар) бойынша монтажлаў ҳәм (ямаса) иске қосыў-оңлаў хызметлери, хызметкерлерди оқытыў хызметлери ҳәм басқа да усындай хызметлердиң көрсеткени ушын резидент еместиң салық салынатуғын дәраматын шәртнама объекти баҳасының 20 процентине тең деп есаплаўдың әмелдеги тәртибин бийкарлаў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Қаржы министрлиги Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте еки ай мүддетте усы бәнттиң талапларынан келип шығып, Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы усынысты Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санаатты раўажландырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссиясына:

республика аймағына импорт етиўде бажыхана бажысы ҳәм қосымша қун салығынан азат етилетуғын технологиялық әсбап-үскенелер дизимине киргизилген, бирақ ислеп шығарылғанына үш жылдан көп болған айырым технологиялық әсбап-үскенелер дизимин тек ғана бажыхана бажысынан азат етиў шәрти менен тастыйықлаў;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 7-сентябрьдеги «Экспортшы кәрханаларды хошаметлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-6306-санлы Пәрманы 3-бәнтиниң үшинши абзацында нәзерде тутылған норма келип шығыў сертификаты тийкарында да қолланылатуғын жоқары сапа ҳәм қадағалаў системасына ийе мәмлекетлерди белгилеў;

муўапықлық сертификатын усынбаған ҳалда, оны бажыхана ҳүжжетлери рәсмийлестирилген күннен баслап еки ай даўамында орнатылған тәртипте алыў шәрти менен, өзиниң өндирислик талаплары ушын алып кирилетуғын өнимлердиң бажыхана ҳүжжетлерин рәсмийлестириўге жол қойылатуғын жағдайлар дизимин (импорт етиўшиниң кепиллик хаты тийкарында) тастыйықлаў ўәкиллиги берилсин.

  1. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Бас министрдиң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоров ҳәм Ж.А.Ходжаевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 12-октябрь