Ҳәзирги ўақытта Қазақстанда болып турған Қатар Әмири шейх Тәмим бен Хамад Әл Тәни Қазақстан Президентин ҳәм халқын футбол бойынша жәҳән чемпионатына мирәт етти, деп хабар бермекте КазИнформ.
«Келеси айдың ақырында Қатарда футбол бойынша жәҳән чемпионаты басланады. Соған Қазақстанның футбол ышқыпазларын дунья жүзилик ойынларды тамашалаўға шақыраман. Сондай-ақ, бүгин мен Президентке де футболдан жәҳән чемпионатын тамашалаўға мирәт еттим. Сол ўақытта Қазақстанда Президент сайлаўы өтетуғынын билемен. Деген менен, Сизди чемпионатқа келеди деп үмит етемен» деди Қатар Әмири Ақордада Қазақстан Президенти менен ушырасыўдан кейинги масс-медиа ўәкиллерине арналған брифингте, делинеди хабарда.
Сондай-ақ, бүгин Ақордада өткен тар ҳәм кеңейтилген қурамдағы сөйлесиўлерден кейин Қасым-Жомарт Тоқаев Қатар Әмирин қазақ-қатар қарым-қатнасын турақлы раўажландырыўға қосқан үлеси ушын «Алтын қыран» ордени менен сыйлықлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги