Душанбе, 9-март. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Абу Бакир Ўразов хабар етеди.
Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Имамали Раҳманның мирәт етиўине бола мәмлекетлик сапар менен Душанбе қаласында болмақта.
Сапардың тийкарғы ўақыялары Душанбе қаласындағы «Қасри миллий» сарайында болып өтти. Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти. Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Президентлер – Шавкат Мирзиёев ҳәм Имамали Раҳман минберге көтерилди. Өзбекстан ҳәм Тәжикстан мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Президентлер ҳүрметли қараўылдың сапы алдынан өтти.
Соннан соң Президентлердиң тар шеңбердеги ушырасыўы болып өтти. Дослық ҳәм конструктивлик руўхында өткен сөйлесиўде сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникациялық, мәдений-гуманитар ҳәм басқа да еки тәреплеме кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм тереңлестириўдиң перспективалары, сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық машқалалар додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы Тәжикстан Президентине шын жүректен қабыл еткени ҳәм Өзбекстан делегациясына көрсетилген жоқары ҳүрмет ушын миннетдаршылық билдирди. Еки ел арасындағы арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыўда бақланып атырған унамлы өсим пәтин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Тәжикстан Республикасы Президенти Өзбекстан Республикасында әмелге асырылып атырған елимиз потенциалын беккемлеў, миллий экономиканы раўажландырыў халық абаданлығын арттырыўҳәм елимиздиң халықаралық абыройын беккемлеўге қаратылған жумысларға жоқары баҳа берди.
Өзбекстан менен Тәжикстан өз-ара шерикшилик қатнасықларын избе-из раўажландырыўға ҳәм беккемлеўге исенимли кейпиятта қарамақта. Еки мәмлекет арасындағы қатнасықлардың көлеми кеңейип, конструктив сиясий сөйлесиў орнатылмақта. Жоқары дәрежедеги байланысларды буннан былай да кеңейтиў бойынша әҳмийетли қәдемлер тасланды.
Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы қатнасықлар жаңа дәўир талаплары тийкарында раўажланбақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы менен Тәжикстан Республикасы арасында 2000-жыл қол қойылған Мәңги дослық ҳаққындағы шәртнамада еки тәреплеме қатнасықлардың тийкарғы принциплери сәўлеленген.
Тәреплер халықаралық майданда, соның ишинде, бирлескен миллетлер шөлкеми, Бийғәрез Мәмлекетлер Дослық Аўқамы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде бирге ислесиўди избе-из даўам еттирип келмекте.
Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў еки мәмлекет халықларының узақ мүддетли мәплерге жуўап беретуғын, Орайлық Азия регионында тынышлықты, турақлылықты, қәўипсизликти ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў тийкарғы фактор болатуғын дәрежеге көтерилмекте.
Тәжикстан тәрепи Өзбекстан Республикасы Президентиниң, БМШ Бас Ассамблеясының «Орайлық Азия регионында тынышлықты, турақлылықты ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў бойынша регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди ҳәм раўажланыўды беккемлеў» ҳәм «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» резолюцияларын, сондай-ақ, Жаслар ҳуқықлары ҳаққында БМШ конвенциясын ислеп шығыў бойынша басламаларды қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Президентимиздиң Тәжикстан Республикасына мәмлекетлик сапары даўам етпекте.
ӨзА